Әндижан 2026-жылы Түркий дүньяның мәдений пайтахтына айланады

    29 қараша 2025 303

    Ақтаў қаласында (Қазақстан) Халықаралық түркий мәденият шөлкеми - ТҮРКСАЙ Турақлы кеңесиниң 42-мәжилиси болып өтти.

    Мәжилисте Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбеков, Қазақстан мәденият ҳәм мәлимлеме министри Аида Балаева, Түркменстан мәденият министри Атагелди Шамирадов, Әзербайжан мәденият министриниң орынбасары Мурад Гусейнов, Қырғызстан мәденият, мәлимлеме ҳәм жаслар сиясаты министриниң биринши орынбасары Асқарли Мадаминов, Түркия мәденият ҳәм туризм министриниң орынбасары Сердар Чам ҳәм ТҮРКСАЙ бас хаткери Султан Раев қатнасты.

    Ушырасыўда шөлкемниң усы жылдағы жумысы жуўмақланды, 2026-жылға мөлшерленген режелер, биргеликтеги жойбарлар ҳәм түркий дүнья мәмлекетлериниң мәдений бирге ислесиўин беккемлеў мәселелери додаланды. Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Ғабалдағы саммитинде ТҮРКСАЙды раўажландырыў ҳәм беккемлеў бойынша қабыл етилген қарардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды.

    Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбеков бул қарардың әҳмийетин атап өтип, оның әмелге асырылыўы шөлкемниң халықаралық статусын арттыратуғынын атап өтти, сондай-ақ, мәдений бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар басламаларды алға қойды.

    ТҮРКСАЙ дәстүрине бола, түркий мәмлекетлер қалаларынан бири ҳәр жылы "Түркий дүньяның мәдений пайтахты" деп жәрияланады. Бундай қалалар ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлерде миллий мәдениятты халықаралық майданда үгит-нәсиятлаў, туристлер ағымының көбейиўине хызмет ететуғын фестиваллар, көргизбелер, илимий конференциялар ҳәм басқа да илажлар өткериледи.

    ТҮРКСАЙ Турақлы кеңесиниң 42-мәжилиси жуўмағында Әндижан қаласы рәсмий түрде 2026-жылы Түркий дүньяның мәдений пайтахты, деп жәрияланды.

    Бул хабар мәжилистиң барлық қатнасыўшылары тәрепинен қызғын күтип алынды. "Ақтаў - 2025-жылы түркий дүньяның мәдений пайтахты" илажларының жабылыў мәресиминде Әндижан қаласы ҳәкимлигине арнаўлы сертификат тапсырылады.

    Еслетип өтемиз, 2020-жылы Хийўа қаласы түркий дүньяның мәдений пайтахты етип таңланған еди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates