Мәмлекетимиз басшысы Вашингтон қаласына сапары даўамында Тынышлық кеңесиниң инаугурациялық мәжилисинде шығып сөйлеп, Ғазо секторын социаллық-экономикалық тиклеў, бул регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы көзқараслары менен бөлисти.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти АҚШ саўда министри Говард Латник, саўда ўәкили Джеймисон Грир, Эксимбанк президенти ҳәм баслығы Джон Йованович, Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы бас атқарыўшы директоры Бэн Блэк пенен өз алдына ушырасыўлар өткерди.

Сапар етиўдиң исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде мәмлекетимиз жетекшиси бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды таныстырыў мәресиминде қатнасты. Илажда видеобайланыс арқалы АҚШ ҳүкиметиниң ўәкиллери, АҚШтың ири компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары, сондай-ақ, Өзбекстан аймақларының басшылары да қатнасты.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласына жөнеп кетти. Аэропортта мәмлекетимиз басшысы ҳәм оның өмирлик жолдасын Америка - Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.