Азық-аўқат ярмаркаларында баҳалардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде Ташкент қаласында видеобақлаў енгизиледи

    Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң басламасы менен халыққа қолайлық жаратыў ҳәм азық-аўқат өнимлерин арзан баҳаларда сатыўды тәмийинлеў мақсетинде пайтахт базарларында арнаўлы саўда ярмаркалары шөлкемлестирилди.

    Қала ҳәкимлигинен мәлим етилиўинше, соңғы күнлерде социаллық тармақларда товарларды белгиленген баҳадан басқаша баҳаларда сатыў жағдайлары көзге тасланып, бул пуқаралардың наразылығына себеп болмақта. Сонлықтан баҳалардың ашық-айдынлығын ҳәм қадағалаўын тәмийинлеў, олардың жасалма көтерилиўине жол қоймаў бойынша қосымша илажлар көрилмекте.

    Атап айтқанда, ярмаркалардың саўда орынларына видеобақлаў камераларын орнатыў басланды. Ҳәзирги күнге шекем бундай камералар Мирабад дийқан базары ҳәм "Ески жуўа" (Чорсу) базарына орнатылған.

    Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте ҳәм жақын ўақыт ишинде пайтахтымыздағы барлық ири базарларда видеобақлаў камералары орнатылып, арзан баҳадағы азық-аўқат өнимлери ярмаркалары шөлкемлестирилиўи даўам етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates