Халқымызда "Жақсы жыл бәҳәринен белгили, жақсы күн - сәҳәринен", деген нақыл бар. Әлбетте, бул бийкарға емес. Быйыл бәҳәр жаўынлы келди. Кеш гүзде тәўекел етип жерге туқым егип, жылдың қалай келиўин төрт көз бенен күтип турған баба дийқанлардың, фермерлердиң көкирегине самал тийди. Енди агротехникалық илажлар өз ўақтында әмелге асырылып, егинлердиң төгин ҳәм суўында кемшилик болмаса, үлкен қырман көтериледи. Базарлар мийўе-жемиске толып, баҳалар нормалластырылады. Бирақ қуўаныўға еле ерте. Себеби, өзгериўшең ҳаўа-райы ҳеш нәрсени кепиллемейди. Жақында бәҳәр өз орнын жазға босатып бергенине қарамастан, айырым аймақларда күтилмеген мийман болып қар жаўыўы ақыбетинде көплеген егинлер набыт болды. Нәтийжеде қәрежет етип үлкен қырман үмитинде турған дийқанлар мийнети күйип қалмақта.
Планетамыз халқының көбейиўи, базарлардың глобалласыўы даўам етер екен, азық-аўқатқа талап та өсип бара береди. Сонлықтан, ҳәр бир мәмлекет азық-аўқат тәмийнатын тәртипке салыў бойынша өз нормаларын әмелиятқа енгизип, өним жетистириўши ҳәм тутыныўшының мәплерин бирдей қорғаўы зәрүр.
Дүнья тәжирийбесинде аўыл хожалығын раўажландырыў, өним жетистириўшилердиң мәпин қорғаўдың бир неше түри бар. Солардан бири аўыл хожалығында қәўип-қәтерди қамсызландырыў болып табылады.
Быйыл мәмлекетимиз басшысы "Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызамға қол қойғаны тармақтағы әҳмийетли реформалардан бири болды.
Хош бул нызам артынан аўыл хожалығы тараўында қандай өзгерислер, жаңалықлар болыўы мүмкин? Бул әмелият дүнья тәжирийбесинде қандай нәтийже берген? Усындай сораўларға анықлық киргизиў мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги аграр тараўды экономикалық раўажландырыў ҳәм қаржыландырыў департаменти баслығы Соатмурод Қулмирзаев пенен сәўбетлестик.
- "Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызамның қабыл етилиўине себеп болған факторларға тоқтап өтсеңиз.
- Сораўыңызға жуўапты турмыслық мысалдан баслайық. Балалығымызда аўыл адамлары кеш гүзде - ерте бәҳәрде суўғарылмайтуғын жерге бийдай, горох, арпа егетуғын еди. Жылдың келиўине қарай адамлар қырман көтерер еди. Жақсы еслеймен: тиришилиги тийкарынан егислик болған адамлар қыстан шығыў ушын бийдай, суўық күнлерде мал-ҳалына от-жем ғамлап қоятуғын еди. Хожалықтан аўысқанын базарда сатып, кемис-қутығын толықтырған. Ҳәтте горох сатып той берген, балаларын университетте оқытқан адамларды билетуғын едим. Жери бола тура, егин екпегенлерди жасы үлкенлер "жерди бақсаң, жер сени бағады", деп ортаға алып, нәсиятлағанының көп гүўасы болғанман.
Бирақ көп өтпей, сол суўғарылмайтуғын жердиң көпшилик бөлиминде егин егилмей қалды. Себеби адамлардың ериншеклиги емес, ал жылдың жақсы келмеўи, қар ҳәм жаўынның аз жаўыўы ҳәм созылмалы бақланатуғын басқа тәбийғый апатшылықлар еди.
Бирақ бүгин басқа экологиялық машқалалар себепли жәҳән азық-аўқат шынжырында үзилис бақланбақта. Халықаралық базарда аўыл хожалығы өнимлерине талап артып, баҳалардың көтерилип баратырғаны ҳеш кимге сыр емес. Сол себепли, тәбийғый апачтшылықтан қорқып жерди бос қалдырыўға болмайды. Заманагөй агротехнологиялар ҳәр бир қарыс жерден үнемли пайдаланып, дәрамат дәрегине айландырыўға шараят жаратпақта. Бирақ мен айтқан қурғақшыл аймақларда жасаўшылар жерге туқым егиўден түңилип қалған. Дәўир өзгерсе де, адамлардағы қорқыныш ҳәм исенимсизлик толық жоғалған жоқ. Бул нызам адамлардағы мине усы қорқыныш ҳәм қәўетерди сапластырады. Өзине исенимин арттырады.
Аўыл хожалығы кәрханаларының өндирислик қуўатлылығы да ҳаўа-райы факторларына тығыз байланыслы. Мысалы, дийқан ямаса фермер помидор егеди. Томат пастасын ислеп шығаратуғын жергиликли кәрхана менен өним жетилискеннен кейин жеткерип бериў ушын алдын ала шәртнама дүзеди. Яғный, белгили муғдардағы помидорды белгиленген баҳада жеткерип бериўди дийқан ямаса фермер өз мойнына алады. Бирақ тәбийғый апатшылық себепли өним набыт болады. Қәрежет етип, еккен егисине күйип қалған жер ийеси келеси жыл бул егинди егиўге қорқады. Кәрхана болса өнимди басқа жерден қымбат баҳада сатып алады. Ақыбетинде кәрхананың тәғдири ҳәм жерде ислейтуғын адамлардың тиришилиги де сораў астында қалады.
Бир ғана өним жетистириўшиниң мәпи қорғалмағаны себепли қанша адам жумыстан айырылыўы, мәмлекет болса базарда усы өнимниң орнын қаплаў ушын импорт етиўге мәжбүр болыўы мүмкин. Аўыл хожалығын қамсызландырыў болса бул машқаланы жумсартады. Дийханның зыян көрип, банкрот болыўына жол қоймайды. Бул арқалы турақлы раўажланыў орталығын жаратыў, адамлардың социаллық жағдайын жақсылаў мүмкин.
Елимизде қаржы базарын буннан былай да раўажландырыў, исбилерменлерди сапалы финанслық хызметлер менен қамтып алыў, қамсызландырыў шөлкемлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бул тараўда тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Олардың ҳәзирги басқышы экономиканың турақлы өсиўин тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетте қамсызландырыў базарының ролин күшейтиў ҳәм қамсызландырыў қуралларын кеңнен қолланыўды талап етпекте. Соның ишинде, климат өзгериўи күшейиўи менен байланыслы, аграр тармаққа үлкен зыян жеткериўши машқалалар барған сайын глобаллық әҳмийетке ийе болып бармақта.
Буған өзине тән себеплер де бар. Тек ғана 2023-2024-жыллардағы суўық ҳәм ыссы температураның тәсиринде мәмлекеттеги 9,1 мың гектар бағ ҳәм 4 мың гектар жүзимзар зыян көргени ақыбетинде 207 мың тонна ямаса 8,5 процент өним набыт болған. Бул санлардың артында қаншадан-қанша инсанлардың зая болған маңлай тери, бүлгиншилик режелери тур.
Аўыл хожалығының өзине тәнлиги, қәўиплилик дәрежеси оғада жоқары болғаны себепли, Өзбекстанда соңғы 5 жылдан берли аўыл хожалығында зүрәәтти қамсызландырыў әмелге асырылмай келинбекте. Ҳәзир аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде тийкарынан кредитти қайтармаў қәўипинен қамсызландырыў әмелиятынан кеңнен пайдаланылмақта. Бундай қамсызландырыў тек ғана жеңиллетилген кредитлердиң қайтарылыўына хызмет етип, жетистирилетуғын зүрәәт қамсызландырыўсыз қалып кетпекте.
Аўыл хожалығы өндириси өзине тән экономикалық жумыс түри сыпатында жоқары дәрежедеги қәўип-қәтерлер менен байланыслы екени, көпшилик жағдайларда аўыл хожалығы кәрханаларының тәбийғый апатшылық ямаса өндиристен көрген зыянларын өз бетинше қаплай алмайтуғыны қабыл етилген нызамның қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетеди. Қамсызландырыў қорғаўы унамсыз ҳәдийселер менен байланыслы жоғалтыўларды қаплаў және аграр тармақтың турақлы раўажланыў пәтин тәмийинлеў кепиллиги болып хызмет етеди.
Жоқарыдағы себеплерден келип шыққан ҳалда Президентимиздиң 2024-жыл 4-марттағы "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген тийкарғы бағдарлар бойынша реформаларды әмелге асырыўдың 2024-жылдағы әҳмийетли илажлары ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып усы нызам жойбары ислеп шығылды. Жойбарды ислеп шығыўда Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң қәнигелери, Германия ҳәм Швециядан аўыл хожалығы қамсызландырыўы бойынша халықаралық экспертлер қатнасты. Сондай-ақ, қамсызландырыў шөлкемлери ҳәм нызамшылық палатасының депутатлары менен додалаўлар өткерилди.
- Дүнья тәжирийбесинде аўыл хожалығы қамсызландырыўы қандай әҳмийетке ийе? Түрли мәмлекетлердиң тәжирийбеси ҳаққында айтып берсеңиз.
- Бүгин 50 ден аслам мәмлекетте аўыл хожалығы қамсызландырыўы өз алдына нызам менен тәртипке салынған. Жоқарыда аты аталған нызам жойбарын ислеп шығыўда да аўыл хожалығы қамсызландырыўы раўажланған Испания, Түркия, АҚШ, Канада ҳәм Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилди.
Бул мәмлекетлерде аўыл хожалығы қамсызландырыўы тиккелей мәмлекеттиң финанслық қоллап-қуўатлаўы ҳәм де дүзилген арнаўлы қор, яғный басқарыў компаниясы арқалы әмелге асырылады.
Атап айтқанда, Испанияда аўыл хожалығы қамсызландырыўы “AGROSEGURO” басқарыў компаниясы тәрепинен қамсызландырыў шөлкемлери менен биргеликте әмелге асырылады. Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен муўапықластырылады. Түркияда болса аўыл хожалығы қамсызландырыўы “TARSIM” басқарыў компаниясы тәрепинен оған ағза болған қамсызландырыў шөлкемлери менен биргеликте әмелге асырылады.
Испания ҳәм Түркияда қамсызландырыў шәртлери, шәртнама үлгиси ҳәм тарифлер басқарыўшы компания (“AGROSEGURO” ҳәм “TARSIM”) тәрепинен ислеп шығылады. Қамсызландырыў шөлкемлери фермерлер менен шәртнама дүзеди ҳәм қамсызландырыў сыйлықларын басқарыўшы компанияға өткереди. Қамсызландырыў ҳәдийселери бойынша қамсызландырыў компенсациясы басқарыў компаниясы тәрепинен фермерлерге тиккелей төлеп бериледи.
Бүгин Испанияда зүрәәттиң 55-60 проценти, Түркияда 30-35 проценти қамсызландырылады ҳәм бул көрсеткиш жыл сайын өсип бармақта.
Испания, Түркия ҳәм Әзербайжанда қамсызландырыў сыйлығының 50-75 процент бөлеги мәмлекетлик бюджеттен субсидия көринисинде қаплап бериледи.
- Бул нызам күшке киргеннен соң тараўда қандай өзгерис болады?
- Бул нызам жойбары 7 бап, 42 статьядан ибарат болып, аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыўға байланыслы барлық мәселе ҳәм тиккелей әмел ететуғын нормалар қамтып алынбақта. Соның ишинде, аўыл хожалығы өнимин жетистириўшилер тәбийғый ҳәм техноген апатшылықлар, өрт, өсимликлердиң зыянкеслер ҳәм кеселликлерден зыянланыўы, аўыл хожалығы ҳайўанларының жуқпалы кеселликлериниң тарқалыўы ҳәм зәҳәрлениўи, жабайы ҳайўанлар тәрепинен егинлердиң басып кетилиўи ямаса аўыл хожалығы ҳайўанларына зыян жеткерилиўи, үшинши шахслардың ис-ҳәрекетлерине байланыслы қамсызландырыў шәртнамаларын дүзеди. Аўыл хожалығы министрлиги бул тараўда муўапықластырыўшы мәмлекетлик уйым болып есапланады. Сондай-ақ, дийқан ҳәм фермерлерди түрли қәўип-қәтерлерден қорғаў ҳәм турақлы дәрамат алыўды кепиллеў ушын Аўыл хожалығы қамсызландырыў қоры шөлкемлестирилмекте. Қор аўыл хожалығы қамсызландырыўының әмелге асырылыўын шөлкемлестириў ҳәм басқарыў, аўыл хожалығы өнимин жетистириўшилерге қамсызландырыў шәртнамасы бойынша жеткерилген зыянның төлеп берилиўин өз мойнына алады. Қордың қаржысы аўыл хожалығы қамсызландырыў шәртнамалары бойынша келип түскен қамсызландырыў сыйлығы, мәмлекет тәрепинен қапланатуғын бюджет субсидиясы, төленген ҳәм төлениўи керек болған зыянлар ушын қайта қамсызландырыў шөлкемлеринен келип түсетуғын пул қаржысы ҳәм басқа да дәреклер есабынан қәлиплестириледи.
Жаңа институт енгизилмекте - қамсызландырыў ҳәдийсесиниң жүз бериў итималын үйрениў ҳәм кейин ала аўыл хожалығы қамсызландырыў объектин көзден өткериў, аўыл хожалығы қамсызландырыўындағы жоғалтыўларды баҳалаў, сондай-ақ, қамсызландырыў ҳәдийселери бойынша жеткерилген зыян муғдарын анықлаў бийғәрез экспертлер тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленбекте. Бул процесте агрономлар ҳәм ветеринарлар еркин экспертлер болыўы мүмкин. Ғәрезсиз экспертлердиң хызмет ҳақысы қор тәрепинен қапланады. Ғәрезсиз эксперт қамсызландырыў объекти менен байланыслы қәўип-қәтерлер ҳәм зыянлар ҳаққындағы мағлыўматларды мәлимлеме системасына киргизеди.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы тараўының қәўип-қәтерлерин қамсызландырыўда мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизми жаратылмақта. Онда қамсызландырыў сыйлығының 50 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Соның менен бирге, аўыл хожалығы өнимин жетистириўшилердиң қамсызландырылған тәбийғый апатшылықлар ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерден көретуғын зыянды қаплаў ушын Аўыл хожалығын қамсызландырыў қорының қаржылары жетерли болмаған жағдайда, жетпеген бөлеги республикалық бюджет есабынан қапланады.
***
Жоқарыда билдирилген пикирлерден келип шығып, аўыл хожалығын қамсызландырыў өним жетистириўшилердиң мәплери менен бирге тараўдың раўажланыўына да үлкен түртки болатуғыны белгили болады. Әлбетте, бүгин аўыл хожалығының раўажланыўы тек ғана мәмлекетлердиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын әҳмийетли фактор емес, ал жоқары дәрамат дәреги де болып есапланады.
Бүгин халықаралық майданда аўыл хожалығына тек ғана азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын тараў емес, ал үлкен экономикалық қүдиретке ийе тармақ сыпатында да қаралмақта. Жақында социаллық тармақларда дүнья халқының саны бойынша жетекши Қытайдан помидор ҳәм қыяр өнимлериниң кирип келиўи елимизде жетистирилген өнимлердиң баҳасына тәсир етип атырғаны ҳаққындағы хабарларға көзим түскен еди. Демек, бул мәмлекет халқының көп болыўына қарамастан, аўыл хожалығында заманагөй технологиялар менен бирге, өндириўшилердиң мәпин қорғаў арқалы сыртқы базарларды да тәмийинлеў имканиятына ийе болмақта. Бул мәмлекеттиң аўыл хожалығындағы дәраматы 1,69 триллион доллардан жоқары. Бул дәрамат айырым мәмлекетлердиң жалпы ишки өниминен де үлкен.
2024-жылы Өзбекстанда аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы тараўларында улыўма өндирис баҳасы 444,6 триллион сумды қурады. Бул шама менен 34,4 миллиард АҚШ долларына тең. Бул көрсеткиш мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң (ЖИӨ) 21,5 процентин қурады.
Аўыл хожалығында жоқары дәраматқа ийе мәмлекетлер аймақлық жақтан халық саны ҳәм аўыл хожалығы санаатында үлкен бурылыс жасай алған мәмлекетлер болып есапланады. Соның менен бирге, бул мәмлекетлерде дийқан ҳәм фермерлерге жаратылған имканиятлар, қолайлықлар да тармақтың раўажланыўына түртки болған. Енди елимизде де қамсызландырыў системасының енгизилиўи усындай үлкен мәмлекетлер ерискен нәтийжелерге қарай қәдем болса тәәжип емес.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы