Қызғын руўхта болып өткен сөйлесиўде парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, көп тәреплеме байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды.
Сөйлесиў ўақтында Хийўа қаласында өткерилген Биринши Өзбекстан-Әзербайжан парламентлераралық форумы еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеўде нәтийжели тәжирийбе алмасыў майданына айланғаны атап өтилди. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен өткерилетуғын бундай форумлар еки тәреплеме байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Өзбекстан-Түркменстан парламентлераралық бирге ислесиў топарларының жумысы избе-из ҳәм нәтийжели даўам етип атырғаны атап өтилди. Ушырасыўда бул бағдардағы жумысларды буннан былай да күшейтиў, соның ишинде, парламентлераралық комиссия шеңберинде жергиликли ҳәкимият ўәкиллериниң қатнасыўы арқалы байланысларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиў даўамында Орайлық Азияда парламентлераралық форумларды турақлы өткериў, шегаралас аймақлар арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, делегациялар алмасыўын жолға қойыў сыяқлы басламалар регионаллық интеграцияны тереңлестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.










