Өткен жылы Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан мәмлекетимиз басшысы Абдулла Авлоний атындағы Педагогикалық шеберлик миллий институтына барып, тараў ўәкиллери менен сәўбетлескен еди. Сөйлесиўде бүгин билимлендириў ҳәм тәрбия тараўындағы барлық өзгерислер орайында билимли, дөретиўши, ўатансүйгиш ҳәм жанкүйер муғаллим шахсы турыўы керек екенлиги атап өтилген еди. Системада ерисилип атырған жетискенликлер қатарында 2024-жылы жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар жәрдеминде өткерилген аттестация процесслеринде 21 мың педагог маманлық бойынша жетерли балл топлай алмағаны болса өкиниш пенен айтылған еди.
Бундай жағдайлар оқыўшылардың билим алыўына унамсыз тәсир етиўине тийкарланып, билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа көтериў бойынша 7 бағдарда ўазыйпалар белгилеп алынды. Мине, усы ўазыйпалар шеңберинде Президентимиз педагогика бағдарында билим алып атырған қәбилетли студентлер ушын Авлоний атындағы стипендия шөлкемлестириў басламасын билдирди. Себеби, бул арқалы болажақ пидайы муғаллимлер, ең алдыңғы педагогларды жетилстириў мүмкин. Сонлықтан, 2025-2026-оқыў жылынан баслап педагогика бағдарындағы жоқары оқыў орны студентлери ушын Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик стипендия шөлкемлестирилди. Жақында Президенттиң бул бойынша пәрманына да қол қойылды. Абырайлы стипендиялар қатары және биреўге көбейди.
Мәмлекетимизде Авлоний стипендиясына шекем жоқары оқыў орны студентлери ушын қандай мәмлекетлик стипендиялар бар?
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги берген мағлыўматларға бола, илимий-изертлеў жумысын табыслы әмелге асырып атырған ҳәм пүткил оқыў дәўиринде айрықша баҳаларға оқыған соңғы оқыў жылы студентлери ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик стипендиясы шөлкемлестирилген. Оның саны магистратура қәнигеликлери бойынша жәми 22, бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемеси ушын биреўден етип белгиленген.
Сондай-ақ, студентлер ушын Беруний (техника бағдарларында), Ибн Сина (медицина бағдарларында), Наўайы (гуманитар бағдарларда), Камолиддин Беҳзод (сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн бағдарларында), Улуғбек (тәбийий бағдарларда), Худайберген Девонов (кинематография бағдарында), Бабур (тарийх ҳәм география бағдарларында), Паҳлавон Маҳмуд (дене тәрбиясы ҳәм спорт бағдарларында), Имам ал-Бухарий (Өзбекстан халықаралық ислам академиясында) стипендиялары шөлкемлестирилген.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларында Төлепберген Қайыпбергенов ҳәм Ибрайым Юсупов, барлық бағдарларда Ислам Кәримов атындағы мәмлекетлик стипендиялар студентлерге төлеп келинбекте.
Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик стипендиясын кимлер алыўы мүмкин?
Президентимиздиң пәрманы тийкарында бул стипендия педагогика бағдарындағы ҳәр бир жоқары билимлендириў шөлкеминиң бир ақырғы еки курс студентине тайынланады. Пәрманға муўапық, стипендия усы оқыў жылынан баслап жолға қойылады. Оның муғдары айына 1 миллион 461 мың 28 сум етип белгиленди. Ҳәзирги ўақытта стипендияға педагогика бағдарындағы 13 жоқары оқыў орнының 74480 ақырғы еки курс студенти талабан болыўы мүмкин.
Барно Абдуллаева, Өзбекстан миллий педагогика университети оқытыўшысы:
- Быйыл қутлы 90 жыллығын белгилеп атырған университетимизде билим алып атырған 20 мың студент арасында уллы бабамыздың мүнәсип мийрасхорлары көп. Несип етсе, биз Абдулла Авлонийдиң тийкарғы избасарларын анықлаўда қыйланбаймыз. Себеби, билим дәргайымызда ҳәр жылы ойшылдың өмири, жумысы бойынша таңлаўлар өткеремиз. Барлық факультетлерден студентлеримиз бул таңлаўларға үлкен қызығыўшылық билдиреди. Сондай-ақ, Абдулла Авлонийдиң Жазыўшылар қыябанындағы символикалық тулғасы алдында турақлы илажлар шөлкемлестирип келмектемиз. Бул да қайсыдур мәниде Абдулла Авлоний стипендиясы жеңимпазларын қалыс анықлаўымызға хызмет етеди.
Жоқары оқыў орны студентлери менен ушырасыўда соны сездик, азғана итибар, азғана хошамет инсанды руўхландырады, жаңа мақсетлерге қарай жоллап, өмирин жақсы тәрепке өзгертиўине түртки бола алады. Студентлер мәмлекетимиздиң Абдулла Авлоний шахсына бундай ҳүрметти жаңа Өзбекстан билимлендириў системасына жоқары итибар деп баҳалап атырғаны қуўанышлы.
Гулчеҳра Сотиболдиева, Өзбекстан миллий педагогика университети 3-курс студенти:
- Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик стипендияны шөлкемлестириў басламасы, бәринен бурын, өз ўақтында миллий билимлендириўимизге жанын пидә еткен ўатанласымыздың руўхына шексиз ҳүрмет белгиси болып есапланады. Бул стипендия биз, жаслардың илимий излениўлеримиз ушын қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў болып хызмет етиўи күтилмекте. Бул арқалы заман талапларына сай кадрлардың жетисип шығыўына тийкар жаратыў нәзерде тутылған екен, усы ийгиликли нийет жолында шын кеўилден ҳәрекет етемиз. Себеби, бүгинги студентлерге жаратылып атырған басқа да шараятлар менен жеңилликлер де жаслардың алдына тек ғана оқыў, өз үстинде ислеў мақсетин қоймақта. Өз тараўында айдын келешегин көре алған студент өз-өзинен жақсы оқыйды ҳәм буның изинен атлы стипендияларға ийе бола береди. Яғный билим болса, ақшаның өзи оның изинен барады. Соның ушын бар итибарды пуқта билим алыўға қаратыў керек.
Райҳона Тиллаева, Наманган мәмлекетлик университети филология кафедрасы баслығы:
- Өзбекстанда педагогика тараўында билим алып атырған жаслар ушын шын мәнисинде тарийхый әҳмийетке ийе жаңа баслама күшке кирди. Бул жасларымыз ушын және бир имканият.
Себеби, бүгинги күнге шекем техникалық, медициналық, гуманитарлық ҳәм және көплеген бағдарларда мәмлекетлик стипендияны алыў имканияты бар еди. Педагогика бағдары студентлери ушын болса өз алдына стипендия жоқ еди. Жаңа пәрман бул бослықты толтырып, болажақ муғаллимлердиң мийнетин мүнәсип хошаметлеўге қаратылды.
Бул қарар педагог кадрлардың потенциалын арттырыўда, билимли ҳәм заманагөй пикирлейтуғын әўладты тәрбиялаўда әҳмийетли фактор болады. Бул болса билимлендириў реформаларының избе-из даўамы сыпатында көринбекте. Усы тәризде Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик стипендия педагогика бағдары студентлери ушын үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик болып хызмет етеди. Жаңа стипендия тек ғана материаллық хошаметлеў қуралы емес, ал педагогикалық тараўдың абырайын арттырыў, жасларды бул бағдарға кеңирек тартыўда да әҳмийетли факторға айланатуғыны сөзсиз.
***
Бүгин тәжирийбе түринде мектеплерде педагог кәсибине қызыққан 10-11-класс оқыўшылары ушын өз алдына класслар шөлкемлестирилип атырғаны, келешекте бул классларды тамамлаған оқыўшылар усы бағдардағы жоқары оқыў орынларына кирсе, оларға 2-курстан мектепке барып кәсиплик шеберлигин арттырыўы ушын имканият жаратылыўы да ҳеш бир дәўирде болмаған тәжирийбе. Айрықша қәбилетли студентлерге сабақ өткени ушын айлық төлениўи болса - ҳақыйқый ғамқорлық.
Аўа, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға умтылар екенбиз, буның ушын, бәринен бурын, муғаллимлеримиздиң билим дәрежесин, шеберлигин арттырыўға итибар қаратып атырғанымыз бийкарға емес. Себеби, сабақ бериўшиниң өзи жоқары саўатқа ийе болса ғана, зийрек, жетик шәкиртлер жетисип шығады. Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик стипендиясын шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет те усы. Бул стипендия шынында да алымның өзи сыяқлы билимлендириў пидайыларын тәрбиялаўға хызмет етсе әжеп емес. Олардың қатары жылдан-жылға көбейип барыўы менен ең күшли билимге ийе муғаллимлер армиясына ийе болыўымыз мүмкин. Бундай армияда болса ўатанына, кәсибине садықлар тәрбияланады.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы