Автомобил санаатындағы режелер ҳаққында мәлимлеме берилди

    Президент Шавкат Мирзиёевқа автомобиль санаатында исленип атырған жумыслар ҳәм 2025-жылға мөлшерленген режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Мәмлекетимиз санаатында автомобиль қурылысының үлеси 10 процентти қурайды. Өткен он айда 338 мың жеңил автомобиль ислеп шығарылған. 1 мың 400 түрдеги комплектлеўши бөлеклер локализацияланған. Экономикалық илажлар нәтийжесинде тараўда өзине түсер баҳасы 4 процентке азайған. Экспорт 455 миллион доллар болған.

    "Өзавтосанаат" акционерлик жәмийетиниң баслығы алдағы режелер ҳәм ўазыйпалар бойынша мәлимлеме берди.

    Келеси жылы 450 мың автомобиль ислеп шығарыў ҳәм экспортты 700 миллион долларға жеткериў мақсет етилген. Аймақлық кәрханалар менен кооперацияны күшейтип, локализациялаўды арттырыў бойынша анық режелер ислеп шығылған. Атап айтқанда, 700 деталды өзлестириў бойынша 325 миллион долларлық 63 жойбар әмелге асырылады.

    Бизге белгили, Жиззақта " BYD " компаниясы менен биргеликте электромобил заводы қурылған. Ҳәзирги ўақытта ол жерде Chazor ҳәм Song Plus Champion сыяқлы машиналар ислеп шығарылмақта. Келеси жыллары моделлер қатарын кеңейтиў режелестирилген. Баҳасы 300 миллион долларлық екинши басқышта электромобиллердиң санын жылына 200 мың данаға, үшинши басқышта 500 мың данаға жеткериў нәзерде тутылған.

    Мәмлекетимиз басшысы қытайлы шериклер менен келисип, қосымша қуўатландырыў, электромобиллер ушын комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерди избе-из өзлестирип барыў бойынша көрсетпелер берди.

    Кооперация тийкарында жергиликли кәрханаларға буйыртпаларды қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates