Айырым шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақылары 20 процентке арттырылады

    Тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде район (қала) лық орайлық емлеўханаларда шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақылары - 20 процент, орта медицина хызметкерлериниң айлық лаўазым мийнет ҳақылары - 10 процент муғдарында арттырылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери медицина хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына төмендеги муғдарларда қосымша үстемелер төленеди:

    көшпели медициналық хызмет көрсететуғын медицина хызметкерлерине айлық лаўазымлық мийнет ҳақысы ямаса базалық тариф ставкасының 50 проценти муғдарында;

    медицина бригадасына белгиленген нормалардан 10 процент артықша қосымша бириктирилген халықтың ҳәр бири ушын мийнетке ҳақы төлеў ең аз муғдарының 0,3 проценти муғдарында - қалаларда, 0,5 проценти муғдарында - районларда;

    шаңарақ саламатлығы бойынша арнаўлы оқыў бағдарламасы тийкарында шөлкемлестирилетуғын курслардың барлық басқышларын табыслы тамамлаған медицина хызметкерлери ушын сертификатқа муўапық базалық тариф ставкасының 100 проценти муғдарында.

    Тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде район (қала) лық орайлық емлеўханаларда шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақылары - 20 процент, орта медицина хызметкерлериниң айлық лаўазым мийнет ҳақылары - 10 процент муғдарында арттырылады.

    Тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде шаңарақлық поликлиникалар ҳәм район (қала) лық орайлық емлеўханалардың медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлери (KPI) тийкарында айлық лаўазым мийнет ҳақысының 100 процентине шекемги муғдарда үстеме енгизиледи.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates