Бул ҳаққында МҒКАда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жуўапкерлериниң қатнасыўында болып өткен баспасөз әнжуманында айтылды.
Президенттиң тийисли қарарына бола, жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант квоталарын дифференцияласқан тәризде қайта бөлистириў әмелияты енгизилди. Енди екинши ҳәм оннан жоқары курсларда оқып атырған, өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге билимлендириў гранты толық ҳәм толық емес түрлерде бериледи.
Сондай-ақ, бул ҳүжжетке бола, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен белгиленген айырым категориядағы студентлерге қосымша имканиятлар жаратылады. Бул категориядағы студентлер өзлестириў көрсеткишине қарап еки түрдеги гранттан пайдаланыўы мүмкин. Биринши түрдеги грант арқалы олардың контракт төлеми Мәмлекетлик бюджеттен толық қапланады, екинши түрдеги грантта болса финанслық жақтан ғәрезсиз жоқары оқыў орынларының қаржылары есабынан контракт суммасының белгили бир бөлеги қаплап бериледи.
Буннан тысқары, бул категориядағы абитуриентлер ушын мәмлекетлик грант квотасынан тысқары 10 процентке шекем қосымша грантлар ажыратылады. Мәмлекетлик грантқа өтиў балының 80 процентинен жоқары нәтийже көрсеткен абитуриентлер усы грантлар арқалы оқыўға кириў имканиятына ийе болады.
Студентлер ушын және бир әҳмийетли жаңалық - өзлестириў көрсеткиши 3,5 ҳәм оннан жоқары болған айырым категориядағы кейинги оқыў жылы ушын процентсиз тәлим кредити ажыратылады. Бул имканият арқалы жасларымыз билим алыў процесинде финанслық қыйыншылықларға дус келмейди.
Грантларды усыныў процеси ашық-айдынлық ҳәм қалыслық принциплерине тийкарланады. Барлық талабанлар жоқары оқыў орынларының рәсмий веб-сайты арқалы онлайн тәризде арза тапсырыўы мүмкин. Грантларға талабанлар жоқары оқыў орынлары жанында шөлкемлестирилетуғын арнаўлы комиссиялар тәрепинен баҳаланып, нәтийжелер жаңа оқыў жылы басланыўынан алдын жәрияланады.