Октябрь айы ушын таярланған есабатта инфляциялық күтилмелер сентябрьдегиге салыстырғанда төменлеп, сәйкес түрде 11,7 ҳәм 11,1 процентти қурағаны мәлим болды. Орайлық банктиң шолыўына бола, коммуналлық хызметлер, жанылғы ҳәм энергетика баҳасының артыўы тийкарғы қәўетерлениў болып қалмақта. Ең жоқары инфляциялық күтилмелер пайтахт ҳәм Ташкент ўәлаятында бақланды.
Апрель-май айынан берли турақлы болып киятырған тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң мәўсимге байланыслы факторлар есабынан қымбатлаўы бойынша күтилгенлер дәрежеси бираз көтерилген. Мийнет ҳақы ҳәм напақалардың артыўы ҳәм транспорт хызмети қымбатлаўының инфляцияға тәсири халықты азырақ тәшўишке сала баслады.
Валюта курсының өзгериўи бойынша қәўетерлер сумның долларға салыстырғанда беккемлениўи фонында өзиниң тарийхый минимумларына шекем төменлеген. Орайлық банктиң шолыўына бола, респондентлердиң тийкарғы бөлеги келешекте баҳалар кескин өзгермеўи ҳәм басқышпа-басқыш төменлеп барыўын күтпекте.
Октябрьде исбилерменлик субъектлериниң инфляциялық күтилмелери де өткен айға салыстырғанда 0,6 процент пунктке төменлеп, 11,1 процентти қурады. Бизнес ўәкиллериниң көзқарасынан баҳаларға асырыўшы басым көрсетиўи мүмкин болған тийкарғы факторлар сезилерли өзгериссиз қалмақта. Сентябрьден баслап исбилерменлердиң шийки зат баҳасының артыўы бойынша қәўетери күшеймекте. Соның менен бирге, мийнет ҳақы ҳәм напақалар, сондай-ақ, доллар курсының артыўы, салық жүги жоқарылығын атап өткенлердиң үлеси азайған.
Халық арасында ең жоқары инфляциялық күтилмелер турмыслық хызметлер тараўы ўәкиллери тәрепинен билдирилген болса, салыстырмалы төмен күтилмени пенсионерлер атап өтти. Сентябрьде ең жоқары инфляциялық күтилмелер пенсионерлер тәрепинен билдирилген.
Исбилерменлер арасында жоқары инфляциялық күтилмелер мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жумыс алып барыўшы шөлкемлер тәрепинен атап өтилген болса, салыстырмалы төмен күтилмелер аўыл хожалығы тараўында бақланды.
"Хызмет көрсетиў тараўы ўәкиллериниң баҳа өзгериўине тезирек жуўап беретуғыны тәбийғый - олардың күтиўи жоқарырақ. Билимлендириў ҳәм илимий жумыс пенен шуғылланып атырғанлар арасында болса баҳалар бойынша қатнас еле де тыныш", деп түсиндиреди регулятор.
Дәраматы 7 миллион сумнан жоқары болған халықтың инфляциялық күтилмелери салыстырмалы жоқары дәрежеде қәлиплескен.
Аймақлар бойынша таллаўда инфляциялық күтилмелердиң жоқары көрсеткиши Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятында бақланған. Салыстырмалы төмен күтилгенлер дәрежеси Ферғана ойпатлығындағы ўәлаятларға туўра келеди. Орайлық банктиң атап өтиўинше, бул аймақтағы базар шараяты ҳәм қәрежетлер қурамындағы өзгерислер менен түсиндириледи. Сондай-ақ, буған халықтың дәрамат дәрежесин қосыў мүмкин.
Орайлық банктиң жуўмағына бола, сораў нәтийжелери баҳалар бойынша күтилмелер басқышпа-басқыш төменлеп атырғанын көрсетпекте. Бул, бир тәрептен, экономикалық исеним қәлиплесип атырғанынан, екинши тәрептен болса, қарарлар ҳәм сигналлардың абайлылық пенен баҳаланып атырғанынан дәрек береди.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, усы жылдың январь-сентябрь айларында Өзбекстанда орташа айлық мийнет ҳақы 6,2 миллион сумды қурады. Бул өткен жылғы көрсеткиштен 19,2 процентке көп. Ең көп айлық мийнет ҳақы Ташкент қаласы халқына туўра келмекте - 10,3 миллион сум. Ең кем мийнет ҳақы алатуғынлар болса Сурхандәрья ўәлаятында - 4,3 миллион сум.
Сондай-ақ, дерекке бола, ҳәзирги ўақытта ең көп мийнет ҳақы банк, қамсызландырыў, лизинг ҳәм кредит дәлдалшылығы хызметкерлерине төленбекте - 16,8 миллион сум. Екинши орынды болса мәлимлеме технологиялары ҳәм байланыс тараўы хызметкерлери ийелеген. Олар орташа 14,9 миллион сум мийнет ҳақы алмақта.
Тасыў ҳәм сақлаў тараўында орташа айлық мийнет ҳақы 9,3 миллион сумды қураған болса, санаат тараўында орташа 7,3 миллион сум төленбекте. Ҳәзирги ўақытта ең кем айлық мийнет ҳақы билимлендириў тараўы хызметкерлерине берилмекте - 4,2 миллион сум.
Район ҳәм қалалар арасында ең жоқары мийнет ҳақы Мирабад районында (13,1 миллион сум), ең төмен мийнет ҳақы болса Қамаши районында (3 миллион сум) дизимге алынды. 28 районда (жәми районлардың 13,6 проценти) мийнет ҳақы республикадағы орташа көрсеткиштен жоқары қәлиплескен. Бул районларды есапқа алмағанда республикадағы орташа мийнет ҳақы 4 миллион сумды қурайды.
Көпшилик аймақларда мийнет ҳақы мәмлекеттеги орташа көрсеткиштиң 70 процентинен төмен. Атап айтқанда, орташа мийнет ҳақысы 4,3 миллион сумнан аз болған районлардың саны 136 ямаса жәми район ҳәм қалалардың 66 процентин қурайды. Сондай-ақ, Әмиўдәрья, Қамаши ҳәм Миришкор районларында мийнет ҳақы республикадағы орташа көрсеткиштиң ярымын да қурамайды.
Усы жылдың өткен дәўиринде дәрамат салыстырмалы төмен районларда жоқары өсиў бақланбақта. Атап айтқанда, мийнет ҳақысы мәмлекеттеги орташа мийнет ҳақыдан төмен болған аймақларда орташа өсиў 18,4 процентти қураған болса, мийнет ҳақыдан жоқары районларда орташа өсиў 17,5 процент болған.
Орайлық банк ҳәм Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларында да усы жылдың басынан берли баҳалар мәўсимлик өзгерислерди есапқа алғанда да халық ҳәм исбилерменлерде айрықша қәўетер оятпағанын көриў мүмкин. Халықтың реал дәраматы болса турақлы өсиўди даўам етпекте.
Юнус БУРОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы