Бийлик пенен 2025/2026-оқыў жылы ҳәм келеси 3 оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик буйыртпа тийкарында оқыўға қабыллаў мәмлекетлик буйыртпасының параметрлери тастыйықланды. Бунда:
бакалавриат басқышына күндизги тәлим түри бойынша:
▪️ 2025/2026 оқыў жылы ушын - 35 500 дана;
▪️ 2026/2027 оқыў жылы ушын - 36 023 дана;
▪️ 2027/2028 оқыў жылы ушын - 36 460 дана;
▪️ 2028/2029 оқыў жылы ушын - 36 761 дана.
магистратура басқышына күндизги тәлим формасы бойынша:
2025/2026-оқыў жылы ушын - 9 922;
2026/2027-оқыў жылы ушын - 10 191;
2027/2028-оқыў жылы ушын - 10 477;
2028/2029-оқыў жылы ушын - 10 784.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги төмендегилер бойынша усынысларды Мәмлекетлик комиссияға усынды:
республикада жумыс алып барып атырған сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары және мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине ажыратылған 1 320 мәмлекетлик грантлардың бөлистирилиўи бойынша;
мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлеринде оқыў тилегин билдирген, сырт елде жасап атырған жас ўатанласлар ушын 30 мәмлекетлик гранттың билимлендириў бағдарлары кесиминдеги бөлистирилиўи бойынша;
Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте ҳаял-қызлар ушын ажыратылған 4 000 мәмлекетлик грантлардың бөлистирилиўи бойынша.








