Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығы менен 2025/2026-оқыў жылы ушын республика жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер бойынша тест тапсырмаларының саны ҳәм баҳалаў критериялары өткен жылғысы менен қалдырылды.

Оған бола:

Барлық тест тапсырыўшылар ушын мәжбүрий 3 пән:

Ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ) х 10;

Математика х 10;

Өзбекстан тарийхы х 10;

30 сораў ушын 1.1 баллдан жәми 33 балл.

Бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес болған 2 пән:

1-пән: 30 сораў х 3.1 балл = 93.0 балл.

2-пән: 30 сораў х 2.1 балл = 63.0 балл.

60 сораўдан жәми 156,0 балл.

2025/2026-оқыў жылы қабыллаўында абитуриентлерге улыўма 5 пән бойынша жәми 90 тест тапсырмасы бериледи. Бунда топлаў мүмкин болған максималь балл - 189 баллды қурайды.