Егер банк төлеўге уқыпсыз болмаса яки онын төлеўге уқыпсызлығы жүзеге келиў итималы жоқары болмаса, ол ықтыярлы түрде сапластырылыўы мүмкин.
Банкти иқтиярий сапластырыў Орайлық банктиң разылығы тийкарында әмелге асырылады.
Егер банк системалы әҳмийетке ийе деп тән алынбаған болса, ол "Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында"ғы Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда мәжбүрий сапластырылыўы мүмкин.
Банкти мәжбүрий сапластырыў Орайлық банк басқармасының лицензияны шақырып алыў ҳәм банкти мәжбүрий сапластырыў ҳаққындағы қарары тийкарында әмелге асырылады.
Банкти мәжбүрий сапластырыў судтан тысқары ҳәм суд тәртибинде әмелге асырылыўы мүмкин.
Банкти мәжбүрий сапластырыў процесинде мәжбүрий сапластырылып атырған банктиң активлери ҳәм де миннетлемелерин басқа банкке өткериў ҳәм (ямаса) банктиң активлерин сатыў қуралларынан пайдаланылады.








