Халықтың үлкен бөлеги бурынғы бақлаўшы статусынан бүгинги жедел тарийхый жаңаланыўлар процесиниң қатнасыўшысы, социаллық-экономикалық, сиясий, руўхый-ағартыўшылық, мәлимлеме, инновациялық-технологиялық тараўлардың белсендиси болыўға умтылмақта.
Бул тәбийий жағдай, әлбетте. Данышпан халқымыздың "Мың мәрте үгитлегеннен гөре, бир мәрте әмелде көрсет" ҳикмети әмелде жүзеге шықпақта. Жаңаланыў ҳәм өзгерислер тәрепке қойылған үлкен қәдемлер ҳәм олардың айқын нәтийжеси пуқараларда да өз көринисин таппақта. Бурынғы ийек артыўшылық, шараятлардың жаратылыўын ҳәм жақсыланыўын күтиў, бақлаўшылық ҳәм сол сыяқлы унамсыз иллетлер орнына елимизде болып атырған ҳәр бир процесске байланыслылық сезими қәлиплескени, өзиниң усы елдиң келешеги ушын жуўапкершилигин аңлаў дәрежеси бир қанша өскенин атап өтиў зәрүр.
Президентимиздиң усы жыл 10-июльдеги "Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарында атап өтилгениндей, жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша сегиз жыл алдын баслаған кең көлемли реформаларымыз себепли жәмийетимиздиң жәмийетлик-сиясий көриниси пүткиллей өзгерип бармақта.
Дәслепки басқышта халық пенен пикирлесиўден басланып, жаңаша социаллық қорғаў системасының жаратылыўына шекемги соңғы 8 жылда Өзбекстанда мәмлекеттиң тийкарғы функция ҳәм ўазыйпаларын әмелде енгизиўге кирисилди. Нормативлик-ҳуқықый тийкарлары беккемленген бул бағдардағы жумысты әмелге асырыў ушын бүгинги күнде мәмлекеттиң үлкен ресурслары бағдарланғаны ҳәм бул бағдардағы үлкен ҳәрекетлер өз нәтийжесин берип, халықта қанаатланыўшылық ҳәм разылық кейпияты қәлиплесиўине, бул болса ақыр-аяғында социаллық-руўхый орталықтың турақласыўына алып келмекте.
Дүньяның көплеген ноқатларында саўда урыслары ҳәм өз-ара келиспеўшиликлер, урыслар болып атырған ҳәзирги ўақытта, тилекке қарсы, сол ўақыялар болып атырған турақсыз мәмлекетлерде өзине тән социаллық-руўхый орталық қәлиплескенин де атап өтиў керек. Бундай қыйын шараятта олардың көпшилигинде пуқаралардың санасы, ой-пикири ҳәм санасында өш алыў, тек өзин ҳақ деп билиў, сөйлесиўден, келисимнен қашыў сыяқлы унамсыз иллетлер үстинлик ететуғындай, нәзеримизде.
Сол себепли бүгинги күнде елимиздеги дөретиўшилик руўхына сүйенген үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды қәдирлеген ҳалда буның нәтийжесинде жәмийетимизде қәлиплескен өзине тән турақлы, унамлы, жаңаланған социаллық-руўхый орталықты сезиўимиз зәрүр. Тек ғана сезиў емес, ал оны қәстерлеп сақлаў, даўамлылығы ҳәм жетилисиўине ерисиў, оған үлес қосыў ҳәм нәтийжесинен пайдаланыў ҳәр бир инсанның миннети, ўазыйпасы болыўы шәрт.
Әлбетте, кейинги жылларда қәлиплескен жаңаша социаллық-руўхый орталық өз-өзинен пайда болып қалған жоқ. Бәринен бурын, бул мәселеге көзқарас ҳәм қатнаслардың пүткиллей өзгергени, мәмлекетлик уйымлардың ең төменги буўынға түсип, ҳәзирги жағдайды терең таллаў тийкарында тәсиршең илажлардың әмелге асырылып атырғаны, мәмлекетлик бюджеттиң 60 проценттен аслам бөлеги тиккелей социаллық мәселелерге, бул бағдарда перспективалы деп тән алынған жойбарларға бағдарланып атырғаны өз нәтийжесин бермекте.
Тыныш елде, турақлы социаллық-руўхый орталықта пуқаралардың өз потенциалын толық жүзеге шығарыў, имканиятларын жүзеге шығарыўға умтылыўы да бир қанша өсти. Әсиресе, халықтың 60 процентин қурайтуғын жасларда турмысқа, болып атырған процесслерге қараў, оларды қабыл етиў ҳәм мүнәсибет билдириў, усы процесслердиң белсенди қатнасыўшысы болыў дәрежеси бираз жоқарылады.
Усы жыл 30-июньде Президентимиздиң жаслар менен ушырасыўы болып өтти. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында елимиздеги жаңаланыўлар процесинде жасларымыз айрықша белсендилик көрсеткенин атап өтип, бул ул-қызларымыздың Ўатанымыздың тәғдири ҳәм келешегине жоқары байланыслылық сезими менен жасап атырғаны, сиясий-жәмийетлик процесслерге жаңаша руўх ҳәм мазмун алып кирип атырғанынан дәрек беретуғынын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Ҳәзирги ўақытта бундай жедел мүнәсибет пүткил халқымыз қатары жасларымыз бенен де турақлы пикирлесиўди жолға қойып, пикир ҳәм тилеклерин тыңлап атырғанымыз, барлық бағдарлама ҳәм режелеримизди әмелге асырыўда ул-қызларымызды кеңнен тартып, оларға исеним билдирип атырғанымыздың нәтийжеси, десек дурыс болады, деген еди мәмлекетимиз басшысы.
Ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткерилген бул ушырасыўда жаслардың өз пикир ҳәм көзқарасларын, усыныс ҳәм басламаларын исенимли билдириўинен мәмлекетимизде жаңаша көзқарасқа ийе, заман руўхын терең аңлаған ҳәм жоқары руўхый-ағартыўшылық, әдеп-икрамлылық қәдириятларға сүйенетуғын социаллық қатлам қәлиплесип атырғанын көриў мүмкин. Бул социаллық қатлам - жаслардың пикирлеўи, ис-ҳәрекетлери ҳәм арзыў-нийетлеринен келешекте олар жәмийетимиздеги социаллық қатнасықлардың жетекши күшине айланыўын, басқа социаллық қатламлар менен болатуғын байланысларға тәсир көрсете алыўын ҳәм, өз гезегинде, социаллық-руўхый орталықтың жаңаланыўына, жетилисиўине түртки бериўин күтиў мүмкин.
Үшинши Ренессанс тийкары қойылып атырған ҳәзирги ўақытта жәмийеттеги социаллық-руўхый орталық қандай жағдайда екени, атап айтқанда, жаслардың кейпияты, руўхый-ағартыўшылық жетиклиги, шек ҳәм мақсетлерди қалай алып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе. Буны үйрениў, талқылаў ҳәм тийисли усыныслар ислеп шығыў бойынша Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жанындағы Социаллық-руўхый изертлеўлер институтында өзине тән тәжирийбе қәлиплескен. Институтимиз жумысын төмендеги үш бағдарда әмелге асырмақта.
Бириншиден, социаллық-руўхый орталық, оның илимий-методологиялық ҳәм теориялық-әмелий тәреплери бойынша алып барылып атырған илимий-изертлеў жумыслары, түрли жойбар ҳәм мәмлекетлик грантлар шеңберинде орынланып атырған жумыслар, сондай-ақ, республика көлеминде дәстүрий тәризде өткерилип киятырған илимий-әмелий конференция ҳәм әнжуманларды көрсетип өтиў орынлы болады.
Екиншиден, институтымыз тәрепинен социаллық-руўхый жаңаланыўлар процесиниң барысы, жәмийетимиздеги социаллық-руўхый орталықтың жағдайы ҳәм темаға байланыслы мәселелер бойынша халық арасында үйрениўлер алып барылып атырғаны, түрли сораўнамалар өткерилип атырғанын да айрықша атап өтиў зәрүр. Бул үйрениў ҳәм сораўнамалар жәмийетимиздеги социаллық-руўхый орталықтың өзине тән барометри сыпатында майданға шықпақта және халықтың кейпияты, мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислер процесине байланыслылық және разылық сезимин анықлаўда әҳмийетли қурал болмақта.
Үшиншиден, жәмәәтимиз системадағы басқа да шөлкемлер ҳәм елимиздеги зыялылар, руўхый-ағартыўшылық тараўының пидайылары менен биргеликте социаллық-руўхый орталықтың жағдайы, турақлы социаллық-руўхый орталықты қәлиплестириўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша елимиз бойлап өткерилип атырған түрли үгит-нәсият илажлары, руўхый-ағартыўшылық ушырасыўларда белсене қатнаспақта.
Келешекте де социаллық-руўхый орталықты турақлы мониторинг етип барыў, үйрениў ҳәм системалы таллаўға тийкарланған жуўмақлар шығарыў әҳмийетли мәселе сыпатында тараў қәнигелери, экспертлер ҳәм илимий топар ўәкиллериниң итибарында болыўы зәрүр. Мәмлекетимиздеги үлкен өзгерислер нәтийжесинде қәлиплескен пүткиллей жаңаша социаллық-руўхый орталықты қәстерлеп сақлаў, жетилистириў әҳмийетли ўазыйпаларымыздан болып қала береди.
Рустам РАШИДОВ,
Социаллық-руўхый изертлеўлер институты бөлим баслығы








