- Цехымызда көрпе-төсек, келиншеклер ушын сарпайлар сыяқлы 20 түрдеги өним таярланады. Заманагөй тигиў машиналары ҳәм үскенелерде 3 минутта бир көрпе таяр болады, - дейди өнермент. - Бул бизге бир күнде 100 көрпеше ислеп шығарыў имканиятын береди.

Жумагүл апаға кишкентайлығында анасы тигиўшилик өнерин үйреткен. Усы тәризде апа өмирин тигиўшилик кәсибине бағышлады. Ҳадал мийнет пенен шаңарағын абат етти. Бүгин ол басқарып атырған кәрханада 6 адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Райондағы "Шимом" аўыл пуқаралар жыйыны комплекси Президентимиздиң 2021-жыл 18-сентябрьдеги "Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қорының қатнасыўында "Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў" жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық қурылған. Комплексте саламатландырыў орайы, тигиўшилик, кәсип-өнерге оқытыў ханалары, ҳаял-қызлар гөззаллық салоны, нан ҳәм мазалы затлар таярлаў цехлары бар.

- Бул жерде өзин-өзи бәнт етиў тилегиндеги ҳаял-қызларға тигиў машиналарынан пайдаланыў имканияты жаратылған. Олар буйыртпа тийкарында кийим, перделер тигип, дәрамат табады. Тигиўшиликти үйрениў тилегиндеги ҳаял-қызлар үш айлық курста оқып, диплом ҳәм сертификат алады. Соның менен бирге кондитерлик, ҳаял-қызлар шаштәрезлиги де үйретиледи. Исбилермен болыў тилегиндеги шахсларға болса мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси субсидия ҳәм жеңиллетилген кредит алыўда жәрдем береди. Сондай-ақ, бул жерде ерлер ҳәм ҳаял-қызлар гөззаллық салоны да ашылған. Буннан тысқары, жумыссыз ҳаял-қызлар тартылып, кондитер өнимлерин таярлап сатыўы жолға қойылды, - дейди аўылдағы ҳаял-қызлар белсендиси Замира Рўзимова. - Мәселен, жас исбилермен Сурайё Аминбоева 10 жылдан берли үйинде ҳәр қыйлы мазалы затлар писирип сататуғын еди. Мәҳәлле комплексинде оның ислеўи ҳәм жумысын кеңейтиўи ушын жетерли шараят жаратылды.

Бундай имканиятлар исбилерменге қанат бағышлады. Ҳәзир ол нан ҳәм мазалы затларды дүканларға жеткерип бермекте. Ҳәзирги ўақытта көп жыллық қарыйдарларының той-мерекелери ушын да буйыртпалар қабыл етпекте. Әҳмийетлиси, үйде бийкар отырған, тараўға қызығыўшылық билдирген мәҳәлледеги келинлерге устазлық етпекте.

- Жанымда 5 шәкиртим бар, - дейди Сурайё Аминбоева. - Олар жумыс көлемине қарап, бир айда орташа 5-10 миллион сум әтирапында ақша табады.

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған реформалар оларды жәмийеттиң белсенди ағзасына айландырмақта. Бундай өзгерислер алыс аўылларға шекем жетип барғаны қуўанышлы.

- Жаслығымнан тигиўшилик өнерин таңлаған едим. Келин болып түскен мәҳәллемиздеги тигиў цехына жумысқа мирәт етти. Бул цех заманагөй тигиў машиналары менен тәмийинленген. Ҳәзир мәҳәллемиздеги жумыссыз апа-қарындасларымызға тигиўшиликти үйретип атырман, - дейди Ҳамида Оразбаева. - Олар оқыў-үйрениў процесинде буйыртпалар да қабыл етип атыр. Сол арқалы теориялық билимлер әмелиятта сыналады. Тигиўшилик өнерин жақсы өзлестирген ҳаяллар исбилерменлик етеди.

"Шимом" аўыл пуқаралар жыйынының жаңа имаратында ҳаял-қызлардың денсаўлығын тиклеўге де айрықша итибар берилген. Бул жерде "Саламат турмыс тәризи" орайының жумысы жолға қойылған. Ҳәптеде үш күн ҳаял-қызларға дурыс аўқатланыў бойынша түсиник бериледи.

- Орайымызға жас та, жасы үлкен де - ҳаял-қызлар келеди. Онда барлық шараят жаратылған. Спорт пенен шуғылланыў ушын керекли инвентарлар бар. Апа-сиңлилеримиз дурыс аўқатланыўды үйрениў менен бирге, физикалық шынығыўлар да орынлайды, - дейди қәниге Мияссар Ешимбетова.

Усы тәризде аўылдағы комплекс халқымыздың аўырын жеңил, узағын жақын етпекте. Себеби аўыл халқы барлық мәселеге усы жердиң өзинде шешим таппақта.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы