Жылына еки мәрте өткерилиўи дәстүрге айланған бул жойбардың быйылғы биринши мәўсими 1-февраль күни "Басламалы халық ушын - жаңа имканиятлар мәўсими" сүрени астында басланды. Бул мәўсим жойбар енгизилгеннен берли өткерилип атырған оныншы - юбилей мәўсим екени менен де айрықша әҳмийетке ийе.

Өткен дәўир даўамында "Басламалы бюджет" ҳақыйқатында да адамларды бир мақсет жолында бирлестиретуғын, өз аймағындағы машқалаларды биргеликте шешиўге шақыратуғын улыўма миллий ҳәрекетке айланды, халқымыз арасында жақсы ғалаба ен жайды. Ҳәзир жойбардың мазмун-мәниси, мақсетлери ҳаққында түсиндириўге де зәрүрлик жоқ, себеби, адамлардың өзи бул ҳаққында жақсы биледи. Жойбар старт алыўы менен көпшилик өзлери алға қойып атырған социаллық машқала бойынша "Ашық бюджет" порталы арқалы усынысларын қалдырыўды баслап жиберди. Кейинги басқышта даўыс жыйнаў процесслеринде белсендилик көрсетиўге кириседи. Себеби, жойбарда керекли даўыслар жыйналып, жеңимпаз деп табылған басламалар мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылады. Бул да адамлардың өзи жасап атырған аймақтағы социаллық машқалаларға бийпәрўа емеслиги, оларды шешиўге биргеликте умтылып атырғанының әмелий көриниси.

Өткен мәўсимлерде жеңимпаз бола алмағанлар ушын болса бул мәўсим гезектеги имканият болып табылады. Қалаберди, усыныс етилетуғын жойбарлар қатарына және жүзлеген жаңалары қосылады. Процесслер болса бир неше басқышта даўам етеди. Дәслеп 1-20-февраль күнлери жойбар киргизиў басқышы болып өтеди ҳәм 21-февраль-7-мартта сайлап алыў басқышы даўам етеди. Соң 8-10-мартта үгит-нәсиятлаў басқышы, 11-20-март сәнелеринде даўыс бериў басқышы өткериледи. Биринши мәўсим жеңимпазлары усы жылы 21-март - Наўрыз улыўма халықлық байрамында жәрияланады. 21-21-март күнлери болса қосымша жеңимпазларды жәриялаў басқышы болып өтеди.

Жетекши аймақлар кимлер?

"Басламалы бюджет" өз атамасы менен халық тәрепинен алға қойылып атырған баслама сыпатында жойбарлардың турмысқа енгизилиўине хызмет етпекте. Пуқаралар тәрепинен белгили бир усыныс алға қойылатуғын болса, ол жәмийетшиликке ашық усынылады. Жойбарға халық тәрепинен даўыс бериледи. Ҳәр бир аймақта ең көп даўыс топлаған усыныслар жеңимпаз табылады ҳәм жойбарлар берилген даўыслар санына қарап таңлап алынады, қысқа ўақыт ишинде қаржыландырылады. Усы күнге шекем қайырлы жойбардың нәтийжесинде аймақлардағы мыңлаған социаллық мәселелер өз шешимин таўып, қаншадан-қанша жоллар асфальтланды, социаллық тараў объектлери қайта оңланды, орынларға ишимлик суў, электр энергиясы жетип барды. Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар аймақлар бойлап жедел даўам етпекте.

Өткен жылы жойбарда жеңимпаз болған Миришкор районы спорт мектебинде жаңа спорт имаратлары пайдаланыўға тапсырылды. Улыўма баҳасы 1,5 миллиард сум болған жойбар шеңберинде спорт мектеби әтирапы заманагөй дийўал менен оралып, жасалма қапламалы көп функциялы спорт майданша қурылды. Енди бул жерде жаслардың ўақты және де мазмунлы өтпекте. Мектепте үлкен теннис корты бар ҳәм оннан мектеп оқыўшыларынан тысқары басқа спортшылар да пайдаланады. Олардың айтыўынша, имаратқа келиўшилер ушын қолайлық жаратыў мақсетинде машиналар туратуғын орын қурылып, пайдаланыўға тапсырылғаны әйне мақсетке муўапық болды.

Қараўылбазар районы орайынан 15 километр узақлықтағы Янгиҳаёт шаңарақлық шыпакерлик пункти де тез арада толық пайдаланыўға тапсырылады. Ҳәзирги күнлерде бул жерде капитал оңлаў жумыслары жедел даўам етпекте. Жойбар "Басламалы бюджет"тиң өткен жылғы жеңимпазларынан. Ажыратылған 830 миллион сумнан аслам қаржы есабынан шыпакерлик пункти имаратының сыртқы фасады ҳәм ысытыў системасы жаңаланып, ишки ҳәм сыртқы пардозлаў жумыслары орынланбақта.

Узун районында көзи әззилер ушын заманагөй китапхана, Арнасай районының орайында жаңа пиядалар жоллары қурылмақта. Когон қаласындағы "Бухорои Шариф" МПЖда жайласқан 3-санлы улыўма билим бериў мектеби заманагөй көринисте оңланбақта.

Улыўма, бүгин бирде-бир аймақ жойбардан шетте қалып атырған жоқ, керисинше, жылдан-жылға олардың белсендилиги артып бармақта. Ҳәттеки усыныс киргизип атырған аймақлар арасында ҳәр сапары жетекшилер қатарынан орын ийелейтуғынлары да бар. Экономика ҳәм қаржы министрлиги бул бағдардағы таллаўларды улыўмаластырып, "Басламалы бюджет" процесслеринде аймақлардың белсендилигин баҳалады. Усы тийкарда 2025-жылдың жуўмақлары бойынша пуқаралардың бюджет процесине тартылыўы және басламалы бюджетлестириў илажларының әмелге асырылыўының нәтийжелилиги бойынша аймақлардың рейтинги жәрияланды. Оған бола, "Басламалы бюджет"тиң 2025-жыл 2-мәўсиминде мәҳәллелердиң қатнасыўы бойынша ең жоқары көрсеткишлер Самарқанд, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында бақланған болса, жойбарға халықтың тартылыўы бойынша Қашқадәрья, Сурхандәрья, Ферғана ўәлаятлары күшли үшликти ийелеген.

Жойбарда қайсы мәҳәллелер қатнаса алмайды?

Адамлардың жойбарға қызығыўшылығы артқан сайын оны халыққа және де жақынластырыў, имканиятларды арттырыў илажлары көрилмекте. Усы мақсетте "Басламалы бюджет" процесслери турақлы жетилистирилип, көзге тасланған кемшиликлер кейинги мәўсимлерде сапластырып барылмақта. Бул сапары да жаңалықлар жоқ емес ҳәм жойбардың гезектеги мәўсими және де қызғын өтиўи күтилмекте. Президенттиң тийисли қарары менен жойбарлаў процесслерине бир қатар өзгерислер киргизилген. Бул бойынша аймақларда кең түрде түсиник жумыслары да алып барылды. Тийкарғы жаңалықлар, өзгерген тәртип ҳәм жаңа механизмлер ҳаққында түсиниклер берилди.

- "Басламалы бюджет"ке киргизилген бир қатар өзгерислер усы мәўсимнен баслап әмел етеди, - дейди Экономика ҳәм қаржы министрлиги бөлим баслығы Азимжон Ҳасанов. - Ең әҳмийетли жаңалықлардан бири болса басламалы жойбарларды халық ҳәм мәмлекет арасында шериклик тийкарында қаржыландырыў механизми жолға қойылғаны болды. Онда халық тәрепинен жойбар баҳасының 50 процент бөлеги қаржыландырылған жағдайда жойбарлар автомат түрде жеңимпаз табылады ҳәм қалған бөлеги мәмлекет тәрепинен қаржыландырылады. Жойбарларды бул тәризде киргизиў толық ықтыярлы. Тәртипке бола, ҳәр бир мәҳәллеге бир мәўсимде тек ғана бир жойбарды шериклик тийкарында әмелге асырыўға рухсат бериледи. Жойбар баҳасының 50 процентине тең қаржыны топлай алмаған шериклик жойбарлары шетлетилмейди, оларға қайта имканият сыпатында дәстүрий даўыс бериў басқышына өткериледи. Бирақ шериклик жойбарлары тек ғана жәмәәтлик пайдаланыўға мөлшерленген инфраструктура объектлерине тийисли болыўы керек, бюджет шөлкемлерине тийисли жойбарларды шериклик тийкарында қаржыландырыўға болса рухсат берилмейди.

Және бир жаңалық, енди көп даўыс топлаған, бирақ жеңимпаз болмаған жойбарларды депутатлардың басламасы тийкарында қосымша түрде жеңимпаз деп жәриялаў әмелияты жолға қойылды. Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары тийисли округтеги жеңимпаз бола алмаған биреўден жойбарды қосымша түрде жеңимпаз деп жәриялаўы мүмкин.

Бундай имканиятлардан пайдаланып, жеңимпаз болыўды мақсет еткенлер көп. Бирақ процесстиң ашық-айдынлығы себепли, бир мәрте жеңимпаз болған мәҳәлле келеси сапар да жоқары нәтийжени көрсетиўи мүмкин. "Басламалы бюджет" әмелиятында бундай жағдайлар бақланған. Әлбетте, кимниңдур қайта-қайта жеңимпаз болыўына қарсылық жоқ, бирақ алдынғы мәўсимлерде бул гейде мәжбүрий даўыс жыйнаў, жасалма түрде даўысларды көбейтиўге де алып келгенлиги сыр емес. Бундай жағдайларға шек қойыў мақсетинде қатаң механизмлер иске қосылды.

Усындай талаплардан бири "Басламалы бюджет" шеңберинде избе-из еки мәўсимде жеңимпаз болған мәҳәллелер ушын гезектеги еки мәўсимде жойбар киргизиўди шеклеў әмелиятының енгизилиўи болды. Соған муўапық, 2026-жыл 1-мәўсимде жойбар киргизиў имканияты шекленген мәҳәллелердиң дизими қәлиплестирилип, тийисли платформаға жайластырылды.

Бирақ, бурынғысынан басқаша тәризде быйылғы мәўсимде мәҳәллелери саны 15 ҳәм оннан аз болған район (қала) ларда жоқарыдағы тәнепис бериў әмелияты қолланылмайтуғыны да жәрияланды. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматларына бола, елимиздиң 23 район (қала) ындағы бар мәҳәллелердиң саны 15 ҳәм оннан азды қурайды ҳәм оларға жойбарда қатнасыў бойынша тәнепис қолланылмады. Қалаберди, бул мәҳәллелерде жойбарларды шериклик тийкарында алға қойыў имканияты бар.

Бул да жойбардың быйылғы юбилей мәўсиминде киргизилген өзгерислерден және бири болып, "Басламалы бюджет" имканиятларды шеклеў емес, ал және де көбирек жойбарларды қаржыландырыў арқалы мәмлекетимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын арттырыўға қаратылған улыўма миллий ҳәрекет екениниң айқын дәлили болып есапланады.

Ирода ТАШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы