Бул тренинг халықаралық изертлеўлердиң нәтийжелери ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған заманагөй педагогикалық қатнаслар тийкарында шөлкемлестирилип, улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқыўшылардың текстти саналы оқыўы, мазмунын терең аңлаўы ҳәм таллаўы бойынша компетенцияларын раўажландырыўға бағдарланған.

Тренинг сабақларында улыўма орта билим бериў мектеплери директорларының орынбасарлары, баслаўыш билимлендириў бағдары қәнигелери ҳәм тараўға байланыслы экспертлер қатнаспақта.

Сабақлар даўамында халықаралық изертлеўлердиң мақсети ҳәм ўазыйпалары, оқыў саўатлылығының теориялық ҳәм әмелий тийкарлары, дәлиллерге тийкарланған дидактикалық қатнаслар, сондай-ақ, баспа ҳәм санлы текстлерди оқып түсиниў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған нәтийжели педагогикалық усыллар бойынша баянатлар ҳәм әмелий сабақлар өткерилмекте.

Мағлыўмат ушын, тренинг сабақлары усы жылдың 16-январь сәнесине шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агенлиги.