баннер
21 Apr 2025
13:09

    Бахтиёр Саидов АҚШ мәмлекетлик хаткери менен ушырасты

    Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубио менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда сиясий сөйлесиўди беккемлеў, экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, регионаллық байланысларды раўажландырыў, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша улыўма көзқарасларымызды тереңлестириў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар додаланды.

    АҚШ Мәмлекетлик хаткери мырза Марко Рубио менен Өзбекстан-АҚШ қатнасықларының ҳәзирги жағдайы ҳәм келешектеги бағдарлары бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысыўдан қуўанышлымыз. АҚШтың Өзбекстандағы реформалар процесслерин избе-из қоллап-қуўатлап атырғанын жоқары баҳалаймыз. Стратегиялық шериклик шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў арқалы еки тәреплеме қатнасықлардағы унамлы динамиканы қоллап-қуўатлаўға келисип алдық", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech