"Индонезия Сыртқы ислер министрлиги жәмәәтине делегациямыз атынан миймандослық ушын миннетдаршылық билдиремиз. Бүгинги күн тәртибимиз кең көлемли болып, бирге ислесиўдиң барлық тараўларын қамтып алды ҳәм жаңа шеклерди белгилеп берди. Тийкарғы мақсетимиз - қатнасықларымызды жеделлестириў, байланысларды беккемлеў, еки мәмлекет халықларын және де жақынластырыў. Мәмлекетлеримизди бир-бирине байланыстырып турған беккем тийкар ҳәм алда ерисиў ушын үлкен имканиятлар бар", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.
Ушырасыў даўамында дипломатиялық паспорт ийелери ушын виза талапларынан азат етиў ҳаққындағы шәртнамаға да қол қойылды.