"Бүгинги күнде Орайлық Азия бир региондағы мәмлекетлер өз машқалаларын улыўма абаданлық жолында тыныш жол менен шеше алыўы, жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде аўызбиршиликли ҳәм күшли болыўының айқын үлгисине айланды", - деп жазған министр өзиниң Telegram-каналында.
Әнжуман шеңберинде еки тәреплеме, регионаллық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды. Сыртқы ислер министри Грузия, Кувейт, Саудия Арабстаны, АҚШ, Европа Аўқамы мәмлекетлери ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген кәсиплеслери менен де ушырасыўлар өткерди. Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер ерисилген келисимлердиң нәтийжелерин есапқа алып, тийкарғы бағдарларды белгилеп алды.