Ушырасыўда СИМ басшысы Өзбекстан Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевтиң Кувейт Мәмлекетиниң Әмири Уллы Мәртебели Шайх Мишал ас-Сабоҳ ҳәм Мийрасхор Уллы Мәртебели Шайх Сабоҳ ас-Сабоҳқа ең қызғын сәлемин жеткерди.
Сондай-ақ, ушырасыўда регионларымыз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де тереңлестириў мәселеси бойынша ашық ҳәм нәтийжели пикир алысылды.
Кувейттиң регионаллық басламаларымызды қоллап-қуўатлаўын жоқары баҳалаймыз. Соның менен бирге, халықаралық ҳәм регионаллық мәселелерде бирге ислесиўди күшейтиўге болған улыўма умтылысымызды және бир мәрте тастыйықладық. Өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм уқсас қәдириятларға тийкарланған Өзбекстан - Кувейт қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыўға барлық имканиятларымызды иске қосамыз, - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында.