Ушырасыўда Сыртқы ислер министри Түркия Президенти Уллы Мәртебели Мырза Режеп Таййип Эрдоғанға Өзбекстан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевтиң ең қызғын сәлеми ҳәм хатын жеткерди.
"Басшыларымыз арасында орнатылған дослық байланыслары ҳәр бир тараўда тығыз бирге ислесиў ушын ең беккем тийкар жаратпақта. Мың жыллық тарийх, дәстүр ҳәм үрп-әдетлер менен байланыслы болған халықларымыз абадан келешекти қурыў жолында бир-бири менен тығыз бирге ислеспекте", - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында.