Яғный Бекабад районлық медицина бирлеспеси Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайы менен биргеликте жүрегинде туўма нуқсаны болған балаларға бийпул жүрек операциясын өткериўди баслады.
Бул баслама шеңберинде кем тәмийинленген шаңарақлар реестрине киргизилген 43 бала тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилген. 12 наўқасқа болса район ҳәм республика көлеминде ашық ҳәм жабық түрдеги әмелиятлар өткерилиўи бойынша шыпакерлердиң жуўмағы берилген.
Усы жылдың 4-июнь күни болса биринши мәрте Бекабад районында 3 балада жабық түрдеги жүрек операциясы, және 1 балада болса жоқары технологиялы "Аорта-коронар шунтлаў" (ашық жүректе) операциясы табыслы әмелге асырылды. Бул енди райондағы балалар өз аймағында тәжирийбели шыпакерлер ҳәм заманагөй медициналық технологиялар жәрдеминде саламат турмысқа қайтарылатуғынын аңлатады.
Бекабад медицина орайында тек ғана балалар емес, ал үлкен жастағы наўқасларға да қыйын жүрек операциялары орынланып келинбекте. Жақында бир наўқаста жүрек қан айланысын тиклеў бойынша қурамалы операция табыслы жуўмақланып, оның өмирге болған үмити қайта тикленген еди. Сондай-ақ, жүрек қан тамырларында стентлеў арқалы инфаркттиң алдын алыў ҳәм зәрүр жағдайларда тез медициналық жәрдем көрсетиў имканияты да бүгинги күнде бар.
Орай ҳәзирги ўақытта заманагөй медициналық үскенелер - оксигенаторлар, перфузиологлар, компьютер томографиясы, коронарография сыяқлы технологиялар менен тәмийинленген. Сондай-ақ, жаңа балалар поликлиникасы да қурылмақта, ана ҳәм бала туўыў комплексиниң қурылысы да режелестирилген.
Басқышпа-басқыш усындай жоқары медициналық имканиятлардың орынларда шөлкемлестирилип атырғаны себепли енди көплеген ўатанласларымыз сырт елде емлениўге зәрүрлик сезбей атыр.
Бир сөз бенен айтқанда, бундай ийгиликли ҳәрекетлер - мәмлекетимиз басшысының халықтың саламатлығын қорғаў бағдарында алып барып атырған сиясатының әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бул бағдардағы ҳәр бир баслама - инсан саламатлығына қаратылған итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси, десек асыра айтқан болмаймыз.