Өзбекстанда медицина хызметкерлериниң мийнет нәтийжелилигин баҳалаў көрсеткишлерин ислеп шығып, нәтийжелиликке ерискен хызметкерлерге үстеме ҳақы төлеў режелестирилмекте. Бул - 2025-жылғы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында белгиленген.
Сондай-ақ, жойбарда медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң жумысын мәмлекетлик дизимнен өткериў де нәзерде тутылмақта. Оны басқышпа-басқыш енгизиў бойынша ҳүжжет жойбары ислеп шығылады.
Усы жылы шыпакер қабыллаўына гезекти толық электрон түрге өткериў, басланғыш буўындағы стоматология хызметин аутсорсинг тийкарында жеке меншик секторға бериў режелестирилген.
2025-жыл 1-ноябрьге шекем медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилип атырған аймақларда рецепт тийкарында берилетуғын дәри-дәрмақларды электрон рецепт системасы тийкарында тайынлаў әмелияты жолға қойылыўы мүмкин.
Ўәлаят дәрежесиндеги қәнигелестирилген медицина мәкемелери басқарыў, қаржы ҳәм шөлкемлестириў жағынан заманагөй көп тармақлы клиникалар түринде қайта шөлкемлестириледи.