баннер
13 Mar 2025
14:45

    Бир тәжирийбениң мәниси ямаса Сайхунабадтан басланған ийгиликли баслама шеңбериндеги пикирлер

    Президентимиз өткен жылы 14-январьда Сырдәрья ўәлаятының Сайхунабад районына сапары даўамында Иттифоқ мәҳәллеси аймағында имканиятлардан пайдаланып, қыйтақ жерден мол өним жетистириў, оны халыққа жеткерип бериўде үлгили белсендилик көрсетип, жоқары нәтийжеге ерисиў мүмкин екенлигин район халқының итибарына усынды.

    Бул районда әмелге асырылып атырған тәжирийбе нәтийжелерин басқа ўәлаятларда да кеңнен енгизиў зәрүрлигин атап өтип, оның ушын қандай жол тутыў бойынша анық есап-санақлар менен тийкарланған тапсырмалар берген еди.

    Сайхунабад тәжирийбеси, деп тән алынған бул баслама бүгин тек ғана мәҳәллелер ҳәм аўыллық аймақлар емес, ал пүткил экономикамыздың инклюзив раўажланыўы ушын да әҳмийетли социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе үлкен ҳәрекетке айланды. Мәмлекетимиз басшысының жүдә қысқа ўақыт ишинде Сайхунабад тәжирийбесин ҳәр бир мәҳәллеге енгизиўди қатаң белгилеўи тәжирийбеге "жасыл мәҳәлле"ни раўажландырыўдың шөлкемлестириўшилик-экономикалық модели сыпатында қараў имканиятын береди.

    Кең көлемли сыпатламаға ийе болған бул тәжирийбе модели тек ғана мәмлекетимиз ишинде емес, ал сырт еллердиң аймақларының киши структураларында да қолланыўға жол ашады. Яғный, Сайхунабад тәжирийбеси жумыссыз адамлардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағалларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, дәраматларын арттырыўдың тийкарғы мақсети ҳәм дәрегине айланды. Усы мәнисте, бул басламаны пүткил мәмлекетимиз бойлап кең ен жайып атырған социаллық-экономикалық раўажланыў процесиндеги ҳақыйқатлық, десек дурыс болады. Демек, оның тийкарында мийнеткеш халқымызды жумыс пенен толық бәнт етиў арқалы абадан турмысты тәмийинлеў жатады.

    Сайхунабад бурын Мырзашөл тегислигинде жайласқан өнимсиз аймақ еди. Жерлер өзлестирилгеннен кейин, ҳәзир халқы тығыз жасайтуғын абат дийқаншылық ҳәм шарўашылық районына айланды. Районның тийкарғы байлығы жер-суўы ҳәм мийнеткеш халқы болып есапланады. Жер инсанды асырайды. Оннан дурыс пайдаланған адамды болса бай етеди.

    Мәмлекетимиз халқы 37 миллион адамнан асты. Бул ислеймен, жақсы жасайман дегенлердиң қатары да барған сайын кеңейип атыр, дегени. Үйрениў ҳәм изертлеўлерге бола, мәҳәллелердеги 20-25 процент халық өз бизнеси болыўын қәлейди. Буның ушын болажақ исбилерменге дәслеп өз қаржысы ямаса жеңиллетилген банк кредити ҳәм "мәҳәлле жетилиги"ниң жәрдеми, қалаберсе, коммерциялық банктиң қайырқомлық пенен қатнасыўы зәрүр. Соның ушын, бүгинги күнде барлық ўәлаят, район, қала ҳәм мәҳәллелердиң басқарыў системаларында буған мүнәсип итибар қаратылмақта.

    Президентимиз исбилерменлер менен 2023-жылғы ашықтан-ашық сөйлесиўинде экономикалық раўажланыўымыздың жаңа дәўирин баслап беретуғын әҳмийетли басламалар ҳаққында айтып, исбилерменликти раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериўдиң тийкарғы 5 бағдарын тийкарлап берген еди. Онда мәҳәлле системасында киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў арқалы жоқары дәраматлы ири кәрханаларды көбейтиў, жаңа базарларға сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлер менен кириў, аўыл хожалығында кластер системасына өтиў әҳмийетли баслама сыпатында алға илгериледи.

    Мәмлекетимизде мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў, оның жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан арттырыў, халықтың машқалаларын шешиў ҳәм мәҳәлле басқарыў системасын жетилистириў ҳүкиметимиз, жеке Президентимиздиң дыққат орайында турғанын атап өтиў керек. Усыларды есапқа алсақ, бүгинги күнде киши бизнес мәҳәллелерге әмелде жаңа орталық алып кирмекте. Адамларды мийнетке шақырып, абадан турмыс кешириўге болған исенимин беккемлемекте.

    Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде 9 мыңнан аслам мәҳәлле бар. Сырдәрья ўәлаятында болса олар 236 болып, шаңарақ ағзаларының саны 173,3 мыңды қурайды. Үй хожалықларының 57 процентинде 5 ҳәм оннан көп адам жасайды. Республика көлеминде бул көрсеткиш 61,4 процентке тең. Бул цифрлар Сырдәрья ўәлаяты шаңарақларында жасайтуғын халықтың орташа саны қысқарып баратырғанын көрсетеди.

    Сырдәрья ўәлаятында халықтың жан басына 2023-жылы улыўма дәрамат 16,8 миллион сумға, реал дәрамат болса 15,3 миллион сумға тең болған. Бул көрсеткишлер 2022-жылға салыстырғанда сәйкес түрде 2,2 ҳәм 2,1 миллион сумға артқан. Бирақ республика бойынша халықтың жан басына улыўма дәраматты усы ўәлаят пенен салыстырсақ, 2023-жылы 3,2 миллион сумға, реал дәрамат болса 2,9 миллион сумға көп екени белгили болады.

    Тәжирийбе алып барылып атырған Сайхунабад районында 19 мәҳәлле бар. Олардың ҳәр бири биреўден киши тракторға, 4 данадан культиваторға ийе. Мәҳәлледе 1 сотых жерден 1-2 миллион сум дәрамат алыў норма сыпатында қабыл етилген. Қыйтақ жерлерди сүриў ҳәм егин егиў хызметлери агрономлар менен биргеликте әмелге асырылады.

    Сондай-ақ, районда экспортқа көмеклесетуғын кәрхана ашылып, уставына 1 миллиард сум киргизилиўи режелестирилген. Бул кәрхана 4 мың шаңараққа зүрәәтли асқабақ, мәш, лобия, розмарин, брокколи, тимян туқымын жеткерип береди, жетистирилген өнимди сатып алып, экспорт етеди.

    Сайхунабад тәжирийбеси жерден және де нәтийжели пайдаланыў, дийқанлар ушын базар табыўға жәрдемлесиў, исбилерменлерди сапалы туқым ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў, исбилерменлердиң экспортына әмелий жәрдем бериў, жер қатнасықларын қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли реформаларды өз ишине алады.

    Мәмлекетимизде Сайхунабад тәжирийбеси дәслеп халқы тығыз жасайтуғын Наманган, Әндижан, Ферғана ўәлаятларында кеңнен жолға қойылған болса, енди пүткил республика бойлап ғалаба ен жаймақта. Буны Бухара ўәлаятында орынланып атырған жумыслар мысалында да көриў мүмкин. Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында Бухара ўәлаятында ҳәр бир мәҳәлледен кәмбағал, дәраматлы мийнет пенен шуғылланыўға қызығыўшылығы бар 7 ге шекем жәрдемге мүтәж шаңарақ таңлап алынған. Оларға аймақтағы жетекши исбилерменлерди тартқан ҳалда қәбилетине сәйкес түрде шарўашылық, қусшылық, пал ҳәррешилик, қояншылық, балықшылық сыяқлылар менен бирге қыйтақ жер хожалығын раўажландырыў, сондай-ақ, 3 сотыхлы ыссыханалар шөлкемлестирип, шаңарақлардың бир жылда 50 миллион сумнан аслам дәрамат табыўына жәрдемлесиў илажлары көрилген.

    Мәҳәллелерге бириктирилип атырған коммерциялық банклердиң жуўапкерлери орынлардағы ҳәким жәрдемшилериниң жәрдеминде сайлап алынған шаңарақларда дәрамат дәрегин жаратыў, қыйтақ жер мәдениятын қәлиплестириў, овош-палыз өнимлерин жетистириў, нәл егиў, абаданластырыў, көклемзарластырыў, басқа да хызметлер көрсетиўге жеке жуўапкер есапланады. Бул таллаўлар Сайхунабад тәжирийбесин "жасыл мәҳәлле" системасы сыпатында инклюзив раўажландырыў имканиятларының кеңлиги ҳәм мәмлекет тәрепинен тәжирийбе кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанын көрсетеди.

    Мәҳәлле системасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәмлекетимиз басшысының пәрманлары, қарарлары ҳәм Министрлер Кабинетиниң рәсмий ҳүжжетлеринде белгилеп қойылған институционаллық қағыйда ҳәм нормаларға тийкарланған. Бундай қағыйда ҳәм нормалар сырт ел тәжирийбелери, сондай-ақ, Сайхунабад тәжирийбеси бойынша жаратылған шараят сыяқлы бир қатар факторларды өз ишине алады. Мәҳәлледе халықтың демографиялық қурамы ҳәм өсиўи, инсан капиталының нәтийжеси, халықтың бәнтлиги ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға байланыслы исбилерменлик жумысына инвестиция киргизиў, инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў, мәҳәлле көлеминде шәртнама қатнасықларын күшейтиў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм нызамшылық талапларын сөзсиз орынлаў усылардың қатарына киреди. Оларда мәҳәллениң раўажланыў процесине тиккелей тәсир етиў менен бирге "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" жойбарларының орынланыўын тәмийинлеў нәзерде тутылған. Буның ушын район (қала) ларда инклюзив өсиўди тәмийинлейтуғын социаллық ҳәм инфраструктуралық жойбарларға 2025-жылы мәмлекетлик бюджеттен 1 триллион сўм ажыратыў белгиленген.

    "Бизнеске биринши қәдем" бағдарламасы арқалы министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте кәмбағал шаңарақларға 2025-жылы 15 триллион сум кредит ажыратылады.

    Мәҳәллелердиң раўажланыўы, тийкарынан, төрт мәселеге байланыслы. Бириншиси, сол аймақтағы мийнеткеш, өз жумысын жақсы билетуғын инсанлар болса, екиншиси суў ресурслары. Үшиншиси - инвестиция, төртиншиси болса, әлбетте, аймақта исбилерменлердиң бар екенлиги. Олардың ҳәр бири мәҳәлле экономикасының таяныш ноқатлары болып есапланады. Сайхунабад районының тәжирийбесинде әне усы фундаментлерден нәтийжели пайдаланыўға тийкарғы итибар қаратылмақта.

    "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасында кәмбағал шаңарақлардың дизимин дүзиў, шаңарақлардың кәмбағаллыққа түсиў себеплерин билиў ҳәм сол тийкарда район (қала) мәҳәллелери кесиминде шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, бундай шаңарақлардың унамлы тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм хошаметлеўге ең тийкарғы шөлкемлестириў ўазыйпасы сыпатында қаралады. Усы жумыслар себепли усы жылы мәмлекетимиз бойынша 2024-жылдағыға қарағанда 2 есе көп халық кәмбағаллықтан алып шығылады. Басшыларды 5 кәмбағал шаңараққа бириктириў 2025-жылы 2024-жылдағыдан 2 есеге ямаса 70 мыңнан 140 мыңға шекем артады. Бул илажлар Сайхунабад тәжирийбесине сүйенип кең раўажланыўды жеделлестириў ҳәм ҳәр бир шаңарақтың экономикалық турақлы жасаўын тәмийинлеўге жол ашады.

    Өзбекстанда кейинги жылларда басқышпа-басқыш алып барылған реформалар себепли пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы - мәҳәллениң халық пенен мәмлекет арасында исенимли көпир болыўы әмелде тәмийинленди. Оның ушын мәҳәллелердиң жумысы избе-из қоллап-қуўатланбақта. Олардың мәпи қорғалып атыр. Мәҳәлле системасын раўажландырыўдың нызамшылық тийкарлары ҳәм институционаллық механизмлери ислеп шығылып, әмелиятқа енгизилмекте.

    Аўыллық мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў ҳәм дәраматларын көбейтиўге қаратылған және исбилерменликке және де кеңнен жол ашыў ушын Сайхунабад районында өткерилип атырған агросанаат тәжирийбеси мүнәсип нәтийжелерге жетеклеп атырғаны менен әҳмийетли.

    Базарбай БЕРКИНОВ,

    Ташкент мәмлекетлик экономика университети профессоры,

    Институтционал ҳәм экономикалық изертлеўлер орайы

    илимий басшысы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech