Банк карталары менен байланыслы гүманлы (фрод) операциялардың алдын алыў, алдаўшылық схемаларында физикалық тәреплерге тийисли есаплар ҳәм банк карталарының қатнасыўын азайтыў мақсетинде банклер тәрепинен бир физикалық тәрепке (бир ЖШШИРге) карталар санын (виртуал ҳәм кобейджинг карталарын есапқа алған ҳалда) ўақтынша бир банкте 5 ке шекем, барлық банклерде 20 ға шекем белгилеў мәселеси көрип шығылмақта.
Онда бул талап сырт ел валютасында ашылған банк карталарына қолланылмайтуғыны нәзерде тутылмақта.
Физикалық шахслардың атына көп муғдарда ашылған банк карталарын таллаў процесинде, усы банк карталарының бир бөлегинен (көпшилик жағдайларда карта ийесиниң хабары жоқ) алдаўшылық мақсетлеринде пайдаланылып атырғаны анықланды.
Сондай-ақ, бул талаплар толық таяр болғаннан кейин журналистлер ҳәм кең жәмийетшиликтиң додалаўына усынылады.