I
Ғәрезсизликтиң дәслепки жыллары, республика енди ғана аяққа турып, өзин оңлап алыў ҳәрекетине күш салған ўақытлар. Мәҳәлле көлеминде стадион қурылғаны жергиликли халық ушын да, биз журналистлер ушын да үлкен ўақыя сыпатында қабыл етилетуғын еди.
Ядымда, маған интервью берген жуўапкерлер де, сол майданда топ теўип жүрген балалар да көзлери қуўаныштан, таңланыўдан жанып, қанаатланыўшылық пенен толып-тасып сөйлеген еди. Қалаберди, өзим де бул ҳаққында толқынланып жазғанман. Жағдай сондай болған.
Жас ғәрезсиз мәмлекет ушын спорт системасындағы бундай қурылыс, киши қурылыс жумыслары қуўанышлы ўақыя сыпатында талқыланыўы тәбийғый жағдай. Кейин раўажланыў, өнип-өсиў, ҳәрекетлер даўам етти. Әсте-ақырын жазылатуғын темалар мәҳәлледен район, қала, республика көлеминдеги қурылыс, тиклениў, табыс, жеңис ҳәм дөретиўшиликке көшти.
Бүгинги жаңа Өзбекстандағы раўажланыў дәўири, системалы реформалар артынан болса елимиздиң имканиятлары үлкен ҳәм әҳмийетли халықаралық көлемлерге даўагер болып тур. Енди бизге ишки имканият ҳәм потенциалымызды иске қосып, дүнья ареналарында бой көрсетиў, миллий руўхты көрсетиў жарасады. Бул даңқлы, абырайлы ҳәм мақтанышлы жолға шығып алғанымыз нәтийжесинде бизге бийғәрез ҳәўес етиўшилер көбейди. Дүньядағы ең абырайлы ҳәм жетекши басылымлардың бетлеринде өзбек спортының жетискенликлери ҳәм нәтийжелериниң факторларын таллаўға бағышланған мақалалар тез-тез басып шығарыла баслады. Әйне тема жоқары спорт топарларының додалаў орайынан орын алыўы әдеттеги жағдайға айланды.
Себеби, соңғы жыллары елимизде жәмийеттиң түрли тараўлары қатарында спорт тараўында да үлкен реформалар ҳәўиж алды. Мәмлекетимиз басшысының басламасы ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген анық мақсетли бағдарлар арқалы спорт тек ғана саламат турмыс тәризин енгизиў емес, ал мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўдың тийкарғы қуралына айланды.
Тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, жаслар тәрбиясы, олардың физикалық ҳәм руўхый жетиклигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Реформалар процесинде тийкарғы итибар "Саламат әўлад - саламат келешек" принципине қаратылған. Себеби, күшли мәмлекет қурыўдың, жәмийетте руўхый ҳәм интеллектуаллық раўажланыўға ерисиўдиң тийкары саламат ҳәм бәркамал әўлад болып есапланады.
Сол себепли елимизде спорт инфраструктурасын раўажландырыў, заманагөй спорт комплекслерин қурыў, ғалабалық спортты кеңнен үгит-нәсиятлаўға үлкен әҳмийет берилмекте. Кейинги жылларда әмелге асырылған реформалар процесинде спорт тараўын раўажландырыўға қаратылған бир қатар бағдарламалар қабыл етилди. Бул, өз гезегинде, халықтың, әсиресе, жаслардың спортқа қызығыўшылығын арттырды.
Нәтийжелер болса бирме-бир бой көрсетип атыр. Өткен жылы Париж Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларында мәрт ҳәм баҳадыр спортшыларымыз ҳақыйқый мәртлик көрсетип, 13-орынды ийеледи. Мине, усындай табыслы жүристиң даўамы сыпатында быйылғы жылы жасларымыз жәҳән универсиадасында 13-орынды, Бахрейнде өткерилген Жаслар ойынлары ҳәм Саудия Арабстанындағы Ислам тилеклеслиги жарысларында сыйлы 2-орынды ийеледи. Әсиресе, ул-қызларымыз жәҳән, Азия ҳәм Олимпиада ойынларында 50 ден аслам рекорд нәтийжелерге ерискени елимиздиң халықаралық Олимпиада ҳәрекетиндеги орны ҳәм абырайын анық көрсетип тур. Бундай жетискенликлерге ерисиўде спортшылар ушын заманагөй шәрт-шараятларды жаратыў, олардың таярлығын халықаралық нормалар тийкарында шөлкемлестириўдиң әҳмийети және де артады.
II
Усы мақсетте мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2022-жыл 9-ноябрь күни тарийхымызда биринши мәрте "Олимпия қалашасы" қурылысына кирисилди. Бул комплекс тек ғана заманагөй спорт инфраструктурасы емес, ал миллий спорт сиясатында жаңа басқыштың символына айланды.
Бул қалаша Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалы ҳәм өзбек спортының үлкен жетискенликлериниң тымсалы болып қалыўы керек еди. Арадан қысқа ўақыт өтти, бул әрман әмелий турмысқа көшти. Бүгин Олимпиада қалашасы тек ғана елимизде емес, ал пүткил Орайлық Азия регионындағы ең ири ҳәм заманагөй спорт мәканы сыпатында жүз гектардан аслам майданда қурылды. Үш жыл даўамында әмелге асырылған жойбардың баҳасы дерлик 290 миллион долларды қурады. Уллы жойбар Қытайдың “CAMC Engineering” компаниясы тәрепинен халықаралық стандартлар тийкарында әмелге асырылды.
Қалаша 5 тийкарғы спорт комплексин өз ишине алған: велодром, стадион, суў спорты сарайы, командалық ҳәм жеке гүрес спорт түрлери комплекслери. Ол тек ғана спортшылар емес, ал тамашагөйлер, тренерлер, ҳәр қыйлы спорт федерациялары ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери ушын да қолайлық жаратып, спорт тараўының барлық тармақларын бир-бири менен үзликсиз байланыстыратуғын үлкен орайға айланды. Бес тийкарғы спорт комплексинен тысқары аймақта футбол, теннис, хоккей сыяқлы спорт түрлери ушын ашық майданлар, паралимпия жатақханасы, спорт медицинасы орайы ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери жайласқаны оның имканиятларын және де кеңейтпекте.
- Жаңа, саўлатлы спорт комплексиниң қурып питкерилиўи тек ғана халқымыздың емес, ал дүнья спорт жәмийетшилигиниң де үлкен жетискенлиги болды, - дейди Миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери Айбек Қосимов. - Спорт дүняьда дослық, өз-ара тең пайдалы бирге ислесиў, тынышлық ҳәм раўажланыўды үгит-нәсиятлаўда да әҳмийетли қурал болып есапланады. Президентимиз бул жойбарды жаратыў идеясы туўылған дәслепки күнлерден-ақ және бир мәселеге итибар қаратты. Яғный бундай үлкен имаратлар тек ғана спорт жарыслары өткерилетуғын орын болып қалмаўы, мәмлекеттиң спорт потенциалын арттырыў, жаслар, спортшылар, соның ишинде, халқымыз спорт пенен шуғылланыўында оның базасынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселеси күн тәртибине көтерилди. Бул комплексти жойбарластырыў басқышынан баслап қурылысына шекем әне усы мәселелер де итибарға алынды.
Қысқа мүддетте қурып питкерилген бул қалаша мәмлекетимиз спорт сиясатында жаңа басқышты баслап берди. Ол мәмлекетимиз спорт сиясатындағы узақты гөзлеген, стратегиялық әҳмийетке ийе жойбар. Ҳәр бир спорт объекти тек ғана жоқары дәрежедеги жарысларды қабыл етиў емес, ал жаслар спортын раўажландырыў, спорт илими ҳәм медицинасын күшейтиў, соның менен бирге, мәмлекеттиң халықаралық майданда абырайын арттырыўға хызмет етеди.
Олимпиада қалашасы тек ғана спорт объектлери емес, ал спорт илимлериниң орайы сыпатында да шөлкемлестирилген. Бул жерде Спорт министрлиги, Антидопинг агентлиги, Мәмлекетлик спорт академиясы, Денетәрбия илимий-изертлеў институты, Спорт түрлерин раўажландырыў орайы жайласқан. Усы тәризде, спорт илими, медицинасы ҳәм әмелияты үнлес ҳалда жумыс алып барылады.
Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 18-август күни Ташкент қаласында қурып питкерилген Олимпиада қалашасы, Жоқары Шыршық районындағы Миллий футбол орайының жумысы ҳәм жаңа туризм инфраструктурасы объектлери менен танысқан еди. Бизге белгили, Олимпиада қалашасының қурылысына тырнақ тасы қойылған 2022-жыл 9-ноябрь күни Президентимиз имарат халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалы ҳәм өзбек спортының үлкен жетискенликлериниң символына айланатуғынын, архитектуралық жақтан жетик, энергияны үнемлейтуғын ҳәм ең алдынғы инновациялық шешимлерди жәмлеген заманагөй комплекс болатуғынын атап өткен еди:
- Бәринен бурын, спортшыларымыз ҳәм федерацияларды мине усындай орын менен қутлықлайман. Бул арқалы жас әўлад саламатлығына, келешектеги жетискенликлерге үлкен тийкар жараттық. Бирақ бул жумыстың ең аңсаты. Қыйыны - спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў, профессионал спортшыларды таярлаў. Биз спортты саламатлық және нәтийжелилик көзқарасынан раўажландырып барамыз. Қуда қәлесе, бундай Олимпиада қалашалары ўәлаятларда да қурылады. Тийкарғы мақсет - жасларымыздың саламат ҳәм бәркамал болыўы.
Жуўапкерлерге тараўды санластырыў, спорт федерацияларының жумысын күшейтиў, нәтийжели спорт түрлерин көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
- Олимпиада қалашасы - мәмлекетимиз спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы, мәмлекетлик сиясаттың ажыралмас бөлеги сыпатында елимиз жаслары ушын жаңа имканиятлар есигин ашады, - дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери комитетиниң баслығы Нодир Жумаев. - Ол арқалы тек ғана жоқары спорт нәтийжелерине ерисиў емес, ал ғалабалық спортты кеңнен жолға қойыў, халықтың саламатлығын беккемлеў, жас әўладты бәркамал етип тәрбиялаў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар шешиледи. Қурылған Олимпиада қалашасы әпиўайы спорт объекти емес, ал жаңа Өзбекстан спорт сиясатының перспективасын белгилейтуғын тарийхый жойбар болып есапланады.
III
Және бир тәрепи: Президентимиздиң усы жыл 8-июльдеги қарары менен, Өзбекстан спортшыларын 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлаў бағдарламасы қабыл етилди. Жумысларды системалы шөлкемлестириў мақсетинде Миллий олимпиада комитетиниң 14 аймақлық бөлими шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы ўәкили етип белгиленди. Ҳәр бир аймаққа Спорт министрлиги ҳәм Олимпиада комитетинен жуўапкерлер бириктирилди.
Тийкарғы мақсет жоқары спорт нәтийжелерине ерисиў ушын турақлы ҳәм беккем тийкар жаратыў болып табылады. Усы мақсетте талантлы спортшыларды ең төменги буўыннан баслап сайлап алыў ҳәм профессионал етип таярлаў ушын үш басқышлы "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарысы жолға қойылды. Оның финал басқышы ҳәр жылы Олимпия қалашасында Президент Олимпиадасы сыпатында өткериледи. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери Олимпиада орайларына тартылып, профессионал таярлық басқышына киреди.
Мәмлекетимиз басшысы 26-ноябрь күни Олимпия қалашасындағы стадионда Президентлик олимпиадасының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
- Бүгин Жаңа Өзбекстанның тымсалы болған мине усы саўлатлы Олимпиада қалашасында сизлер менен биргеликте Президентлик Олимпиада ойынларына старт бермектебиз. Мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған, пүткил елимиз жасларын олимпиада ҳәрекетиниң ийгиликли идеялары тийкарында бирлестирип атырған бул спорт байрамы бәршемизге мүбәрек болсын! - деди мәмлекетимиз басшысы.
Ойынлардың режесине муўапық, Олимпиада қалашасында бокс, еркин ҳәм ҳаял-қызлар гүреси, Шыршық олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлери орайында аўыр атлетика, гимнастикаға қәнигелестирилген республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер олимпиада резервлери мектебинде көркем гимнастика жарысларының дәслепки беллесиўлери болып өтти.
26-ноябрьден грек-рим гүреси ҳәм жеңил атлетика жарыслары старт алған болса, 30-ноябрьден баскетбол ойынлары, 2-декабрьден стол тенниси жарысларына кириседи. 10 олимпиада спорт түринде өтип атырған ҳәм 5-декабрьге шекем даўам ететуғын жарысларда 15-17 жастағы елимиздиң жас ҳәм үмитли спортшылары қатнаспақта.
Жарыстың районлық ҳәм ўәлаятлық басқышларында улыўма билим бериў мектеплериндеги спорт дөгереклери, жеке меншик спорт клублары ҳәм 310 спорт мектебинен 100 мыңнан аслам жасларымыз қатнасты. Ең жоқары нәтийжеге ерискен 3 мыңнан аслам ул-қызлар Президент олимпиадасына келди. Бул Ўатанымыздың абырайын халықаралық жарысларда қорғайтуғын шебер спортшыларымыздың резервине және жүзлеген талантлылар келип қосылып атырғанынан дәрек береди.
Буннан былай ҳәр жылы өткерилетуғын Президент олимпиадасы жаңа талант ийелерин таўып, нәтийжели селекция системасына айланады. Келеси жылдан баслап, суў спорты, велоспорт, триатлон, қылышласыў ҳәм командалық ойынлар бойынша да жарыслар өткерилип, спорт түрлериниң саны 20 ға жеткериледи. 2026-жылы 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасы, 2027-жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасында Жәҳән чемпионаты ҳәм 2029-жылы Жаслар Азия ойынлары Өзбекстанда өткериледи.
- Бундай ири жарыслар халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын үлкен байрам, үлкен шеберлик мектеби болады, мәмлекетимиздиң дослық ҳәм бирге ислесиў ели сыпатында халықаралық абырай-мәртебесин және де арттырады. Президент Олимпиадасы системасы болса бундай жарысларға бай спортшыларды таңлап алыўға, атап айтқанда, 2028-жылы Лос-Анжелесте өтетуғын Олимпиада ойынлары ушын ҳәр бир аймақтан лицензиялар санын көбейтиўге хызмет ететуғынына гүман жоқ, - деди Президентимиз.
IV
Мәмлекетимиз басшысы Президентлик Олимпиада жарысларының салтанатлы ашылыў мәресиминде шығып сөйлеп атырған ўақытта дүнья бойлап бир жақсы хабар тарқалды: "Өзбек улы Жавоҳир Синдоров шахмат бойынша Жәҳән кубогиниң жеңимпазы!". Президентимиз мәресимдеги шығып сөйлеген сөзин тоқтатып, қуўанышлы жаңалық - ўатанласымыздың жеңисин жәриялады ҳәм чемпионды қутлықлады. Жыйналғанлар да Жавоҳирди алғыслады.
- Бул уллы жеңис пенен шын жүректен қутлықлайман. Сен өзбек улы, жаңа Өзбекстан перзенти нелерге уқыплы екенин дүньяға көрсете алдың. Сендей перзентим бар екенинен мақтаныш еттим, халқымыз мақтаныш етти. Илайым, жеңис жолы даўамлы болсын, - деди мәмлекетимиз басшысы мәресимнен соң телефон арқалы чемпионды қутлықлап.
Өз гезегинде Жавоҳир Синдоров бул жеңис келешектеги және де үлкен табыслардың басланыўы екенине үмит билдирип, жәҳән шахмат тажын да Ўатанымызға алып келемиз, деп ўәде берди. Жаратылған имканият ҳәм көрсетилип атырған итибар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
Жавоҳир Синдоров усы ўақытқа шекем ФИДЕ жәҳән кубогин жеңген ең жас (19 жас) чемпион болып тарийхқа кирди! Ҳиндстанның Гоа қаласы басшылық еткен ФИДЕ жәҳән кубоги-2025 жеңимпазлығы Жавоҳирге келеси жылы март айында Кипрде өткерилетуғын Талабанлар турниринде қатнасыў ушын рәсмий жолламаны да усынды.
V
Усы жыл 2-октябрь күни ФИФА Кеңеси мәжилисинде футбол бойынша 20 жасқа шекемгилер арасында 2027-жылғы жәҳән чемпионатын Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда өткериў бойынша қарар қабыл етилди. Бул жәҳән чемпионаты шеңбериндеги ойынлар еки мәмлекеттеги 3 еўден стадионда өткериледи. Финал ҳәм ярым финал ойынлары сыйымлылығы 50 мыңнан аслам стадионда өткерилиўи ФИФА талапларынан бири есапланады.
Сонлықтан, мәмлекетимиз футболы ушын әҳмийетли және бир ири жойбар - Жаңа Ташкент стадионының қурылысына старт берилди. Президентимиз 11-ноябрь күни заманагөй футбол стадионының қурылысына тырнақ тасын қойды. Бизге белгили, Жаңа Ташкент аймағындағы барлық жойбарлар заманагөй архитектура ҳәм миллий қәдириятлардың үйлесимлилигинде экологиялық ҳәм "ақыллы басқарыў"ға тийкарланып қурылмақта. Усы улыўма концепция тийкарында қурылатуғын жаңа стадион да тәбият пенен үнлес болады ҳәм "жасыл энергия" ҳәм "қолайлы орталық" принциплерине тийкарланады.
Жаңа Ташкент стадионы ФИФАның барлық талапларына муўапық қурылады ҳәм Азиядағы ең ири ҳәм заманагөй инфраструктураға ийе футбол майданшаларынан бири болады. Бул имарат ертең тек ғана 2027-жылғы 20 жасқа шекемгилер арасындағы жәҳән чемпионаты ушын емес, ал пүткил өзбек футболы ҳәм жаслар спортының келешектеги раўажланыўы ушын хызмет етеди.
55 мың орынға ийе жаңа стадион тек ғана миллий командамыз емес, ал профессионал клубларымыз ушын да үлкен имканият жаратады. Енди абырайлы халықаралық жарысларды елимизде өткериў, дүнья футболының элитасы менен бирге ислесиў имканияты пайда болмақта. Бул арқалы мәмлекетимизде спорт туризми, заманагөй илажлар мәденияты да раўажланады.
Қуўанышлы тәрепи, мәмлекетимизде спорт тараўына қаратылып атырған айрықша итибар себепли усы ҳәм басқа да ири спорт объектлерин қурыўға имканият жеткиликли. Себеби, спортшыларымыз ерисип атырған, қолға киргизип атырған үлкен табыслар, елимиздиң көплеген абырайлы илажларға, соның ишинде, жәҳән көлеминдеги халықаралық спорт жарысларына басшылық етип атырғаны буған имканият береди:
Футбол бойынша олимпиада командамыз Париж-2024 олимпиадасында биринши мәрте қатнасты. Тарийхымызда биринши мәрте миллий сайланды командамыз келеси жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Өзбекстан жас өспиримлер (U17) сайланды командасы қыйын, машақатлы ҳәм мәртлик пенен өткен жолды басып өтип, өз тарийхында үшинши мәрте Азия чемпионатының финалына шықты ҳәм қаҳарманларша жеңиске еристи. Олар Қатарда өткен жәҳән чемпионатында да Азия чемпионы сыпатында мәмлекет абырайын мүнәсип қорғады, аты шыққан командалардан тек ғана қалыспайтуғынын емес, ал үстин екенин де дәлилледи.
VI
Дүньяда бир мәмлекеттиң байрағы басқа мәмлекет аймағында көтерилип, гимни жаңлаўы ушын еки себеп бар: бириншиси - жоқары дәрежедеги сапар, екиншиси - спорт жарысындағы жеңис! Мине усы екинши себеп тап биринши себеп сыяқлы бизди мудамы толқынландырады, қәлбимизде мақтаныш сезимин күшейтеди.
Мақала басында бир мәҳәлле ушын тикленген стадион артынан балалардың қуўанышы, таңланыўы, қанаатланыўы ҳаққында сөз еткен едик. Бүгин әне усы жағдайды ҳәр биримизде бақлаў мүмкин. Себеби, барлық ҳәрекет - бул дөретиўшилик, реформа, жеңис ҳәм нәтийжелер спорт ықласбентлери ушын жаратылды. Ол ықласбент болса – сизиң менен биз, яғный, халық.
Нодир МАҲМУДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы