Үйрениў даўамында Ташкент қаласында "Дизайн-код"
қағыйдаларын енгизиўди тәртипке салыўшы 2026-жыл 17-февральдағы № VII-19-17-14-0-K/26-санлы қарарда әмелдеги
нызамшылық талапларына муўапық болмаған айырым қағыйдалар бар екенлиги
анықланды.
Өзбекстан Республикасының "Нормативлик-ҳуқықый
ҳүжжетлер ҳаққында"ғы нызамына муўапық, исбилерменлик жумысына байланыслы
жойбарлар Бизнес-омбудсман менен келисилиўи шәрт. Бирақ бул қарар бундай
келисимсиз қабыл етилген.
Буннан тысқары, ҳүжжетте "төмен тойынғанлық" ҳәм
"нейтраль рең" сыяқлы анық емес сөзлерден пайдаланылған, оларды
қолланыўдың анық ҳуқықый нормалары болмаған. Рең шешимлерин бирдей етиў бойынша
талаплар исбилерменлердиң интеллектуаллық мүлк объектлерине, соның ишинде,
дизимнен өткен товар белгилериге болған ҳуқықларына тәсир етиўи, сондай-ақ,
тармақ брендлериниң мәплерин есапқа алмаўы мүмкин.
Сондай-ақ, көнлигиў ушын белгиленген үш айлық мүддет жетерли
емеслиги, талапларды басқышпа-басқыш енгизиў механизми нәзерде тутылмағанлығы
атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Бизнес-омбудсман қарар қағыйдаларын
қайта көрип шығыў, тийисли өзгерислер киргизиў ҳәм оның күшке кириў мүддетлерин
созыў зәрүр екенлиги ҳаққында халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңесине рәсмий
жуўмақ жиберди.
Сондай-ақ, ҳүжжетти Бизнес-омбудсман аппаратының ўәкиллери
қатнасыўында исбилерменлик субъектлериниң мәплерин есапқа алған ҳалда
жетилистириў усыныс етилди.