Қарарға муўапық, Халықаралық мода академиясы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси есапланады ҳәм Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги системасында жумыс алып барады.

2027/2028-оқыў жылынан жеңил санаатқа байланыслы бағдарлар бойынша оқыўды табыслы тамамлаған ҳәм Академия тәрепинен белгиленген көрсеткишлерден төмен болмаған балл топлаған техникум питкериўшилерине бакалавриаттың 3-курсынан төлемли-контракт тийкарында оқыўды даўам еттириўге рухсат бериледи.

Академия талапларына муўапық Академияға оқыўға қабыл етилетуғын сырт елли қәнигелер, ҳәкимшилик хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары, сондай-ақ, сырт елли студентлерге белгиленген тәртипте көп мәртелик визалар берилиўи (мүддети созылыўы) ҳәм жасаў орны бойынша дизимге алыныўы (дизимге алыныў мүддети созылыўы) тәмийинленеди.

Қарар менен тастыйықланған илажлар бағдарламасында Академия студентлери ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 400 орынлық жатақхана қурып, пайдаланыўға тапсырыў (2028-жылдың ақырына шекем) нәзерде тутылған. Оған шекем Институттан Академияға өткерилетуғын студентлерге белгиленген тәртипте Институт жатақханасынан пайдаланыўға рухсат бериледи.