Ҳүжжетте 2027-жылдан 2036-жылға шекемги дәўир тоғайларды тиклеў бойынша ҳәрекетлер он жыллығы деп жәрияланған ҳәм дүнья жәмийетшилиги бул бағдарда жедел илажлар көриўге шақырылған.
Резолюция кеңнен қоллап-қуўатланды: дүньяның түрли регионларынан 80 нен аслам мәмлекетлер, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери, Әзербайжан, Россия, Бразилия, Австрия, Германия, Финляндия, Португалия, Ҳиндстан, Иран, Пакистан, БАӘ, Қатар ҳәм Бахрейн биргеликтеги авторлар болды.
Ҳүжжеттиң тийкарын Өзбекстан Президентиниң "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы" бағдарламасы, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ҳәм "Орайлық Азияның жасыл белбеўи" нәл егиў кампаниясы сыяқлы басламалары қурайды. Онда тоғайларды көбейтиў ҳәм қайта тиклеў бойынша илажларды әмелге асырыў ушын күш ҳәм ресурсларды жумсаў талап етилип, мәмлекетлер ҳәм шөлкемлерге тийисли илажларды күшейтиў усыныс етиледи.
Бул резолюцияда Өзбекстанның глобал экологиялық басламалардағы ролиниң артып баратырғаны, турақлы раўажланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға умтылысы айрықша атап өтилген.









