Атап өтилиўинше, жарыста қатнасқан 3 Өзбекстан сайланды командасы ағзасы чемпионлық ушын рингке көтерилди. Ўатанласларымыздан Абдумалик Халоков (-60 кг) ҳәм Тўрабек Ҳабибуллаев (-90 кг) финал беллесиўлерин табыслы өткерип, алтын медалға ийе болды. Асадхужа Муйдинхужаев (-70 кг) болса турнирди гүмис медаль менен жуўмақлады.
Атап өтиў орынлы, жарыс даўамында жарқын беллесиўлери менен ажыралып турған Абдумалик Халоков "Турнирдиң ең жақсы еркек боксшысы" деп табылды.
Алтын медаль
-60 кг: Абдумалик Халоков.
-90 кг: Тўрабек Ҳабибуллаев
Гүмис медаль
-70 кг: Асадхўжа Муйдинхўжаев;









