Бул жойбар Әзербайжанға жоқары қосымша қунлы миллий электротехника үскенелерин экспорт етиўди және де арттырыў мақсетинде Аҳангаран экономикалық зонасында жайласқан «Premier» турмыслық техника ислеп шығарыў компаниясы тәрепинен әмелге асырылды.
Илажда Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханасының басшылығы, Әзербайжан исбилерменлери қатнасты. Ашылыў мәресиминде шығып сөйлегенлер өнимлердиң баҳасы ҳәм сапасын жоқары баҳалады ҳәм «Premier Elektronics» үскенелери Әзербайжан базарында мүнәсип орын ийелейтуғынына үмит билдирди.
Биринши басқышта компания тәрепинен ҳәр қыйлы көлемдеги суўытқышлар, телевизорлар, кир жуўыў машиналары ҳәм кондиционерлердиң сатылыўы жолға қойылды. Келешекте «Premier» заводының турмыслық техникасын ислеп шығарыў линияларын Әзербайжанда да жолға қойыў режелестирилген.
«Premier» компаниясы жылына дерлик 5 миллион доллар муғдарында электротехника үскенелерин Россия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға экспорт етеди, деп хабар береди "Дунё" ХА.