Балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша миллий стратегия әмелге асырылады

    Саламатлық 21 мамыр 2025 1133

    "2025-2030-жылларда балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий стратегиясын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-186-санлы, 19.05.2025-ж.) қабыл етилди.

    Оған бола, 2025-2030-жылларда Өзбекстанда балалар рак кеселлигине қарсы гүресиўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди.

    Соннан:

    балаларда рак кеселлигин ерте басқышларда анықлаў жағдайларының үлесин 65 процентке шекем арттырыў;

    онкологиялық ҳәм онкогематологиялық кеселликлерге шатылған балалардың 1 жыллық өмир сүриўин 34 проценттен 90 процентке шекем, 5 жыллық өмир сүриўин болса кеминде 60 процентке шекем арттырыў;

    рак кеселлигине шалынған балаларды 100 процент қәнигелестирилген медициналық жәрдем менен қамтып алыў.

    2025-2030-жылларда балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий стратегиясы (Стратегия) ислеп шығылған.

    Пәрман менен 2025-2026-жылларда балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий стратегиясын әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

    Стратегияны енгизиў жойбары 2025-2026-жылларда Самарқанд қаласы ҳәм Иштихан районындағы медицина мәкемелери базасында әмелге асырылады ҳәм келешекте зәрүр шараятлар жаратылыўына қарап мәмлекеттиң басқа аймақларына параллель түрде кеңейтиледи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates