Болгария Республикасы Президенти Өзбекстанға келди

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Болгария Республикасы Президенти Румен Радев 9-июнь күни рәсмий сапар менен елимизге келди.

    Ташкент қаласы халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

    Сапардың тийкарғы илажлары 10-июнь күни болып өтеди.

    Сапар бағдарламасына муўапық, еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлери, рәсмий ҳәм исбилерменлик илажларының өткерилиўи, бир қатар еки тәреплеме келисимлерге қол қойылыўы режелестирилген.

    Өзбекстан ҳәм Болгария Президентлери өз-ара пайдалы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, товар алмасыў көлемин арттырыў, агросанаат комплекси, фармацевтика тармағы, кәншилик, санластырыў тараўларында кооперацияны жолға қойыў, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў мәселелерин көрип шығады.

    Болгария Президенти IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында да қатнасады.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates