Бизге белгили, быйыл 3-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықтың денсаўлығы ҳәм миллет генофондын нәшебентлик ҳәм наркология жынаятларынан нәтийжели қорғаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, "Нәшебентлик ҳәм наркология жынаятларының ерте алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген комплексли әмелий ҳәрекетлер миллий бағдарламасы" тастыйықланған еди.
Президент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёеваның күш структуралары басшылары менен өткерген жумысшы мәжилисинде наркожынаятшылық, жынайый топарлар ҳәм нызамсыз қурал-жарақ айланысына қарсы гүресиўдиң муўапықластырылған ҳәм нәтийжели системасын жаратыў ўазыйпасы қойылды.
Таллаўларға бола, кейинги бес жылда Өзбекстанда нәшебентлик жынаятларының саны 2 есеге, нәшебентлик затларды конфискациялаў 67 процентке, синтетикалық нәшебентлик затларды алыў 80 есеге артқан.
2024-жылы 5 жасырын нарколабораторияның алды алынған болса, 2025-жылдың он айында 12 жасырын нарколаборатория анықланған. Усы ўақыт ишинде республикамызда 12 мың 848 нәшебентлик жынаяты анықланып, нызамсыз айланыстан 2 тонна 761 килограмм нәшебентлик, психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын қураллар алып қойылды, олардың тутыныў тараўына кирип келиўиниң алды алынды.
Миллий бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде нәшебентликтиң алдын алыў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша илажлар режеси ислеп шығылған. Баспасөз әнжуманында Президент Администрациясы жанындағы Нәшебентлик затлар ҳәм оқ атыў қуралларын қадағалаў агентлиги, Ишки ислер министрлиги, Бажыхана комитети, Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының жуўапкер хызметкерлери реже тийкарында әмелге асырылатуғын жумыс бағдарлары менен таныстырды.
Шөлкемлестириўшилер Миллий бағдарламада нәзерде тутылған турақлы профилактикалық медиа орталықты жаратыўда ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Баспасөз әнжуманы жуўмақланғаннан соң, ҒХҚ ўәкиллери өзлерин қызықтырған барлық сораўларға жуўап алды.








