Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан халық артисти Батыр Закировтың естелигин мәңгилестириў, оның дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-230-санлы, 28.07.2025-ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, Ташкент қаласында Батыр Закиров мемориаллық музейи шөлкемлестириледи.
Батыр Закиров атындағы мәмлекетлик стипендия шөлкемлестириледи
2026-жылдан ҳәр 2 жылда бир мәрте эстрада көркем өнери бойынша Батыр Закиров атындағы халықаралық таңлаў өткерилип барылады.
Сондай-ақ, Батыр Закировтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған көркем фильм жаратылады.









