БРИКС мәмлекетлери 17-саммитте өз қатарын кеңейтти. Индонезия толық ағза сыпатында қабыл етилген болса, Беларусь, Боливия, Қазақстан, Куба, Малайзия, Нигерия, Таиланд, Вьетнам, Уганда ҳәм Өзбекстан сыяқлы 10 мәмлекет БРИКСтиң рәсмий шериклерине айланды.
Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында өткен саммит жуўмағында қабыл етилген биргеликтеги билдириўде бул қарар айрықша атап өтилди. Шөлкем жетекшилериниң пикиринше, БРИКСтиң кеңейиўи глобал теңсалмақлылықты тәмийинлеў ҳәм жаңа раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин қорғаўда әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Билдириўде, сондай-ақ, климат қаржысы бойынша жетекшилер декларациясы ҳәм жасалма интеллекттиң глобаллық басқарыўы ҳаққында билдириў қабыл етилгени атап өтилди. Соның менен бирге, социаллық себеплерден келип шығатуғын кеселликлерди жоқ етиў бойынша БРИКС шериклик бағдарламасына да старт берилди. Бул басламалар дүньяда турақлы ҳәм инклюзив раўажланыўға қаратылған улыўмалық ҳәрекетлер болып есапланады.
Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди саммитте шығып сөйлеп, БРИКСтиң жаңа ағзаларды қабыл етиўи топардың заман менен бирге раўажлана алыў қәбилетин көрсететуғынын айтты. Оның атап өтиўинше, халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ Қәўипсизлик Кеңеси, Жәҳән саўда шөлкеми ҳәм көп тәреплеме раўажланыў банклери де заман талапларына сәйкес түрде реформаланыўы шәрт.
Нарендра Моди:
"XXI әсирде жасалма интеллект ҳәптеден-ҳәптеге раўажланбақта. Бундай шараятта глобал институтларды сексен жыл даўамында өзгертпеў дурыс емес. 21-әсир программасын 20-әсир жазыў машинкасының имканиятлары менен басқарып болмайды", - деди ол.
Кеңейтиў тарийхы
Бизге белгили, БРИК (кейин ала БРИКС) 2006-жылы Россия, Ҳиндстан ҳәм Қытай жетекшилериниң Санкт-Петербургтағы ушырасыўынан соң рәсмий түрде шөлкемлестирилген еди. 2009-жили Россиянын Екатеринбург қаласында дәслепки саммит өткерилди. 2010-жылы Қубла Африка Республикасы қабыл етилип, топар БРИКС аты менен атала баслады.
Соңғы жылларда кеңейиў процеси жаңа басқышқа көтерилди. 2024-жылдан Мысыр, Эфиопия, Иран ҳәм БАӘ рәсмий ағза болды. 2025-жыл январынан баслап Индонезия толық ағза сыпатында қабыл етилди. Өзбекстан болса Беларусь, Боливия, Қазақстан, Куба, Малайзия, Нигерия, Таиланд, Вьетнам ҳәм Уганда менен бирге БРИКСтиң шерик мәмлекетлери қатарына киргизилди.
Өзбекстан ушын нени аңлатады?
Өзбекстан ушын БРИКС шериклиги регионаллық бирге ислесиў, саўда ҳәм инвестиция ағымларын диверсификациялаў, жаңа жойбарларда қатнасыў ҳәм раўажланып атырған мәмлекетлер менен тығыз бирге ислесиў орнатыў имканиятын береди.
Қәнигелердиң пикиринше, бундай шериклик мәмлекеттиң глобал экономикалық системадағы орнын беккемлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, жаңа шерик мәмлекетлер ушын БРИКС платформасы енергетика қәўипсизлиги, технологиялар алмасыўы ҳәм инфраструктураны раўажландырыўда қосымша имканиятлар жаратады.

