Өзбекстан BRIKSтиң шериги болды

    Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында болып өткен БРИКСтиң 17-саммитинде қатнасты.

    Бул абырайлы форумда 38 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң делегациялары қатнасты.

    Саммит шеңберинде саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм оны қаржыландырыў, тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде бирге ислесиўди беккемлеў, жасалма интеллектти раўажландырыў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын интеграциялаў сыяқлы мәселелер додаланды.

    Өзбекстан делегациясы әнжуман қатнасыўшыларына мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, экономиканы модернизациялаў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, кәмбағаллықты қысқартыў, санлы трансформация ҳәм "жасыл" экономиканы раўажландырыў ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

    Саммит жуўмағында декларация қабыл етилип, оған бола Өзбекстан БРИКСтиң шериги болды.

    Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, БРИКС мәмлекетлераралық ассоциация болып, Бразилия, Россия, Ҳиндстан, Қытай, Қубла Африка, БАӘ, Саудия Арабстаны, Иран, Египет ҳәм Эфиопия мәмлекетлерин бирлестирген аўқам есапланады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates