баннер
26 Mar 2025
17:06

    Британияның абырайлы Ҳуқықтаныў университети Өзбекстанда өз кампусын шөлкемлестириўи мүмкин

    Өзбекстан елшиси Равшан Усманов Британияның Юридикалық университети (University of Law) проректоры, профессор Питер Крисп пенен сөйлесиў өткерди.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, ушырасыўда усы университет ҳәм Өзбекстан жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери арасында бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў, соның ишинде, еки тәреплеме диплом бериў бағдарламасын әмелге асырыў, Юридика университетиниң билимлендириў ҳәм оқыў бағдарламаларын елимизде енгизиў мәселелери додаланды.

    Проректор Питер Крисп Өзбекстанда бир неше мәрте болғанын, қалаберсе, регион менен жақыннан таныс екенин мәлим етти. Ол Өзбекстанда Британия билимлендириў стандартларын енгизиўден мәпдар екенин атап өтти.

    Сөйлесиў даўамында усы жылы 29-30-май күнлери Ташкентте өткерилиўи режелестирилген "IV International Legal Forum "Tashkent Law Spring" илажы ҳаққында мағлыўматлар берилди.

    Ушырасыў жуўмағында бул бағдарда бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech