Бул ҳәптеде ҳаўа температурасы +15 дәрежеге шекем ыссы болады

    23 желтоқсан 2024 244

    Усы жылдың ақырғы жумыс ҳәптеси даўамында Өзбекстанның барлық аймақлары бойынша жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы сақланып қалады.

    Түнде бақланып атырған суўықлар әсте-ақырын күшсизленеди, ҳәптениң екинши ярымында ҳаўа температурасы түнде ҳәм азанда 3 градус суўық-2 градус ыссы әтирапында болады.

    Күндиз ҳаўа 5-10 дәреже ыссыға шекем, қублада 12-15 дәреже ыссыға шекем, арқада ҳәм Ферғана ойпатлығында 2-7 дәреже ыссыға шекем ысыйды.

    Самал шығыстан азғана орташа тезликте еседи. Түнде ҳәм азанда айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

    Пайтахтымызда: ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Түнде температура 3-5 градус суўықтан 0-1 градус ыссыға шекем әсте-ақырын көтериледи, күндизги температура тийкарынан 6-9 градус ыссы болады.