Кейинги күнлерде Өзбекстан аймағы бойынша күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы +40...+43 дәреже әтирапында, қубланың айырым жерлеринде +44...+45 дәрежеге шекемги жүдә ыссы ҳаўа-райы сақланып турады.
Жумыс ҳәптесиниң екинши ярымында да ыссылықтың сезилерли дәрежеде төменлеўи күтилмейди. Ҳаўаның температурасы тийкарынан күндизги ўақытлары +38...+41 дәреже әтирапында, қубланың айырым жерлеринде +42...+43 дәрежеге шекем болыўы күтиледи. Температура тийкарынан түнде +23...+28 дәреже болады.
Усы күнлерде Өзбекстанның барлық аймақлары бойынша жаўын-шашын күтилмейди. Республиканың айырым орынларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте тийкарынан аз бултлы ҳаўа райы бақланады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал бираздан орташа тезликке шекем еседи. Температура тийкарынан түнде +23...+26 градус, күндиз +21...+23-июльда +40...+42 градус.