Быйыл 400 мың жеке тәртиптеги үй UZKAD системасына киргизиледи

    Президент Шавкат Мирзиёев 29-апрель күни жер есабын жүргизиў ҳәм кадастр хызметин раўажландырыў бойынша исленген жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға байланыслы презентация менен танысты.

    Мәмлекетимизде 45 миллион гектарға шамалас жер майданы бар. 2021-жылға шекем соннан тек ғана 1 миллион гектары мәмлекетлик дизимнен өткерилген еди. Кейинги жылларда бирден-бир система жаратылып, санластырыў енгизилгени нәтийжесинде 42 миллион гектар жер, яғный жәми майданлардың 94 проценти дизимнен өткерилди.

    Соның ишинде, тоғай ҳәм суў фонды, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар толық мәмлекетлик дизимге алынды. Транспорт, байланыс, геодезия, энергетика, жол сыяқлы 13 түрдеги мәмлекетлик кадастр бойынша мағлыўматлар 100 процент қәлиплестирилди. Және 7 бағдар бойынша жумыслар жуўмақлаўшы басқышта.

    Тараўдағы ең әҳмийетли мәселе - көшпес мүлк қатнасықларын тәртипке салыў болып есапланады. Усы мақсетте көшпес мүлклердиң ҳақыйқыйлығы ҳәм исенимлилиги мәмлекет тәрепинен кепиллик берилетуғын бирден-бир мағлыўматлар базасы - UZKAD системасы иске қосылған. Барлық имарат ҳәм объектлер хатлаўдан өткерилип, оған киргизилмекте. Ҳәзирги ўақытқа шекем 150 мың турақ жай ҳәм 707 мың турақ жай емес жай, 44 мың көп қабатлы жай ҳаққындағы мағлыўматлар усы жаңа системада сәўлелендирилген.

    Жақын-жақынға шекем өз үйине мүлк ҳуқықы болмағаны ушын миллионлаған пуқаралар қыйналып киятырған еди. Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 5-августтағы "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызамы менен усы жыл январь айынан ҳүжжетлерди рәсмийлестирип, ийелерине усыныў басланды.

    Презентацияда алдағы режелер ҳәм тийкарғы ўазыйпалар көрип шығылды.

    Атап өтилгениндей, быйыл 400 мың жеке тәртиптеги турақ жай UZKAD системасына киргизиледи. Нәтийжеде мүлкти сатыў, ижараға бериў, мийрас қалдырыў, гиреўге қойыў сыяқлы процесслер аңсатласады. Келешекте 6 миллион 300 мыңнан аслам барлық жеке тәртиптеги турақ жайлар усы системада сәўлелендириледи.

    Көп орынларда көшпес мүлктиң кадастр баҳасы менен ҳақыйқый базар баҳасы арасында үлкен парық бар. Бул ҳуқықый қатнасықларда ҳәм саўдаларда диспропорцияны келтирип шығарып атыр.

    Соның ушын Өзбекстан Президентиниң 5-марттағы пәрманына муўапық, көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў системасы енгизилмекте. Буның ушын Кадастр агентлигинде Көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў миллий орайы ашылды. Оған 40 миллиард сум ажыратылып, маман қәнигелер тартылып, әмелий жумыслар баслап жиберилди.

    Ғалабалық баҳалаў быйыл Ташкент қаласында басланып, кейинги жылларда Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлар орайларында және қалған аймақларда басқышпа-басқыш әмелге асырылады.

    Мәмлекетимиз басшысы кадастр мағлыўматлары экономикалық режелерди нәтийжели белгилеў ушын әҳмийетли тийкар екенин атап өтип, бул тараўда бир пүтинлик ҳәм анықлықты тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди. Бюрократияны кескин азайтып, кадастр хызметлериниң сапасын арттырыў, исбилерменлерге жеңилликлер жаратыў ўазыйпасы қойылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates