Реже бакалавриаттың 2-ҳәм оннан кейинги басқышларында оқып атырған студентлердиң шәртнама төлеми қәрежетлерин жумыс бериўшилер тәрепинен қаплаў, сондай-ақ, оқыў тамамланғаннан кейин оларды жумыс пенен тәмийинлеў тәртибин белгилейди.

Режеге муўапық, жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм студентлер арасында үш тәреплеме шәртнамалар дүзиўде баҳасы кеминде 1 млн АҚШ доллары болған инвестициялық жойбарларға ийе ямаса хызметкерлер саны 50 адамнан артық болған министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер буйыртпашы сыпатында қатнасыўы мүмкин.

Талабалар ҳәр жылы 20-сентябрьге шекем таңлаўда қатнасыў ушын жоқары билимлендириў шөлкемине электрон арза менен мүрәжат етеди. Бунда өзлестириў көрсеткишлери ҳаққында мағлыўматнама қосымша етиледи.

Студентлер оқыўды тамамлағаннан кейин буйыртпашының кәрханасында ямаса шөлкеминде жумыс ислеп бериў шәрти менен арза береди.

Талабанлардан усы оқыў жылындағы GPA көрсеткиши 3 ҳәм оннан жоқары дәрежеде болыўы талап етиледи.

Таңлаў комиссиясы ҳәр жылы 15-октябрьге шекем жоқары билимлендириў шөлкеминде талабанларды таңлап алыўды сәўбетлесиў тийкарында өткереди.

Талапкерлерди таңлап алыўда буйыртпашы ўәкилиниң жуўмағы тийкарғы норма есапланады.

Үш тәреплеме шәртнама дүзип, оқыўды табыслы тамамлаған студентлер оқыўды тамамлағаннан соң буйыртпашы тәрепинен белгиленген тәртипте жумысқа қабыл етиледи.