Бул ҳаққында салық комитетиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти.
Атап өтилиўинше, бул арқалы пуқаралар салық есап-санақлары ҳәм есабатларын тапсырыўдағы әўерегершиликлерден қутылады.
Бүгинги күнде республикамызда 776,7 мың өзин-өзи бәнт еткен физикалық тәреп жеңил автотранспорт қуралында жолаўшыларды тасыў ҳәм буйыртпа тийкарында товарларды жеткерип бериў бағдарында дизимнен өтип жумыс алып бармақта.
Усы жылдың 1-июль жағдайына қарай қарыйдарларды излеў бойынша интерактив хызметлерди көрсетиўши 208 юридикалық тәреп - онлайн такси агрегаторлары салық уйымларының мәлимлеме системалары менен толық интеграцияланған. Олар арқалы 430 мыңнан аслам өзин-өзи бәнт еткен айдаўшылар халыққа жөнелиссиз такси хызметин көрсетпекте. Бул агрегаторлар тәрепинен мәмлекетке 89,6 млрд сум салық төленген.
Мағлыўмат ушын: усы жыл даўамында 189 өзин-өзи бәнт еткен шахслардың жыллық дәраматы 100 млн сумнан асқан.
Yandex Узбекистан платформаларындағы өзин-өзи бәнт еткен айдаўшылар ҳәм курьерлер ушын салықты төлеў процесин автоматластырған биринши компания болды.








