Бул көрсеткиш 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 42 процентке көп.
Төленген салықлардың улыўма көлеминиң 94 проценти төмендеги 10 ири сырт ел компанияларының үлесине туўра келеди:
Meta – 22,6 миллиард сўм
Apple – 22,1 миллиард сўм
Google – 19,4 миллиард сўм
OpenAI – 2,9 миллиард сўм
Booking.com – 1,9 миллиард сўм
TikTok – 1,8 миллиард сўм
Netflix – 896,2 миллион сўм
Acca – 797,1 миллион сўм
Zoom – 786,7 миллион сўм
Adobe – 530,8 миллион сўм
Бул мағлыўматлар Өзбекстанда санлы экономика раўажланып атырғанын ҳәм салық системасы глобал санлы компаниялар менен нәтийжели жумыс алып барып атырғанын көрсетеди.
Мағлыўмат ушын, электрон хызметлер көрсетиўши сырт ел юридикалық тәреплери ҳәр шеректиң соңғы айының 20-сәнесине шекем салық есабатларын усыныўы ҳәм белгиленген муғдардағы салықларды төлеўи керек.








