Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2025-жыл 30-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспортын арттырыў, жаңа резерв ҳәм имканиятларды иске қосыўға байланыслы бир қатар тапсырмалар берилди.
Усы ўазыйпалардың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик салық комитетиниң гезексиз Коллегия мәжилиси болып өтти. Мәжилисте ыссыханалардың жумысын үйрениў ҳәм оларда тәбийғый газден нәтийжели пайдаланыўды таллаў бойынша арнаўлы Республикалық Жумысшы штаб шөлкемлестирилди.
Штаб шеңберинде әмелге асырылыўы керек болған анық ўазыйпалар белгиленип, 4 жумысшы топар дүзилди. Олар төмендеги бағдарларда жумыс алып барады:
Ыссыханаларды арнаўлы сораўнамалар тийкарында толық хатлаўдан өткериў, олар менен жанлы сөйлесиўлер шөлкемлестириў, бар машқалаларды анықлаў;
Жер майданы, ислеп шығарылып атырған өним, тутынып атырған жанылғы муғдары ҳәм электрон газ есаплағышлары мағлыўматларын қамтып алған бирден-бир электрон дашборд жаратыў;
Тәбийғый газден пайдаланыўдың тараўлар кесиминде нәтийжелилигин баҳалаў;
Салық миннетлемелерин орынлаўда ыссыханаларға жәрдемлесиў, атап айтқанда, финанслық жәриймаларды орынлаў мүддетин өзгертиў арқалы олардың банк есап бетлерин турақлы жумысқа қайтарыў;
Ыссыханалардағы машқалаларды шешиў мақсетинде зәрүр нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарын ислеп шығыў.
Салық комитетиниң Баслығы ҳәм орынбасарлары басшылығындағы жумысшы топарлар 2025-жыл 31-июльден баслап аймақларда тиккелей жумыс алып барыўды баслайды.








