Бул ретки бәҳәр болса өзим күтпеген үлкен саўға менен өмириме кирип келди. Ой-пикирим концерт бағдарламасын табыслы өткериўде еди. Шынын айтқанда, усындай ўақытта жоқары сыйлық пенен сыйлықланатуғыным ҳаққында ойламаған едим. Соның ушын ба, мәмлекетимиз басшысының бундай итибарынан қатты толқынландым. Концерттен алдын бул хошбахарды сахнада еситтим ҳәм даўысымда күшли қалтыратпа пайда болды. Негизинде усы жаста концерт бериў ҳәммеге де несип ете бермейди. Ықласбентлер концерт ақырына шекем қол шаппатлап турыўы да көркем өнер хызметкерлери ушын оғада үлкен бахыт. Усылар себепли шүкиршилик сезими, қуўаныш көз жасы ишимнен тасып киятырған еди. Күтилмеген хош хабар оларды жүзеге шығарып жиберди. Дурыс, көплеген сыйлықларға, ҳүрметлерге ерискенмен. Бирақ олардың барлығы бир тәреп, көп санлы халық арасында “Буюк хизматлари учун” орденине ерисиў бир тәреп болды. Бул мен ушын және бир сынақ, және бир асыў. Яғный, билдирилген исенимди ақлаў жуўапкершилиги. Жаратқан ийем өмир берсе, буған мүнәсип жуўап бериўге ҳәрекет етемен.

"Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист," "Өзбекстан халық артисти" атақларын алғанымда "көп көркем өнер ғайраткерлери атаққа ериссе болды, дөретиўшиликти тоқтатып қояды", деген гәплерди өзиме де айтылған, ҒХҚларда да жазылған. Сол ўақытта мен "Мен дөретиўшилигимди енди басладым, тоқтайтуғын адам емеспен", деп жуўап берген едим. Ҳәзирге шекем жанлы атқарыўда биймәлел қосық айтыў бахтынан айырылғаным жоқ. Себеби ҳәр бир сыйлық, ҳәр бир итибар жаңа күш, жаңа ғайрат бағышлайды. Соның ушын бундай қоллап-қуўатлаўға, исенимге ҳеш қашан қыянет етиўге болмайды. Бул шын кеўилден халыққа хызмет етип атырған инсанларды қәдирлеўдиң әмелий көриниси. Усы мәнисте өмиримниң ақырына шекем өзбек көркем өнерин көтериўге, халқымыздың атын улығлаўға хызмет етемен.

Дерлик 30 жылдан берли концерт берип киятырған болсам, зал толмай қалған, тамашагөйлер шығып кеткен жағдай болмағанына шүкиршилик етемен. Дөретиўшилик топарымыз бенен ҳәр бир репертуарымызды илажы барынша жаңалықлар менен байытыўға ҳәрекет етип келмектемиз. Бул рет те 20 ға шамалас жаңа қосық атқарылды. Бирақ, ықласбентлер "Дилором"ды айтпағанша қоймады. Қуўандым. Неше жыл бурынғы қосықларыңыз бүгин де жасаса, тамашагөйлер сорап турса, буннан артық бахыт бар ма? Ал бүгин ҳәр ким өзиниң жақсы көрген асын ишеди. Биреў биреўди мәжбүрлейтуғын заман емес. Дәўир өзгермекте, турмыс жеделлести. Соған қарап жаңа Өзбекстан да бәлент шеклерди алып, исенимли қәдем тасламақта. Мәмлекетимиз басшысы пүткил бир жылдың атын қоршаған орталықты абаданластырыў, тәбиятты қәстерлеп сақлаўға бағышлады. Несип етсе, жыл атамасы ҳаққындағы қарар, бағдарламаның орынланыўы себепли елимиз және де гөззалласады, көшелеримиз жасылланады.

Адамлар да соған қарай умтылыўы, жоқары мәдениятлы болыўы, жаңаша турмыс тәризине бейимлесиўи, жаңаша ислеўи керек. Себеби, ислеген адам ҳеш қашан шетте қалып атырған жоқ. Сонша  шаңарақ тәшиўиш, мәмлекетлик жумыслардан артып Президентимиз барлық тараўда алға баратырғанларды бақлап, мүнәсип сыйлықлап атырғаны мақтаўға ылайық. Әсиресе, мәденият ҳәм көркем өнерге ҳәр қашанғыдан да үлкен итибар қаратылып атырғанынан биз, тараў ўәкиллери шексиз миннетдармыз. Президентимиздиң 2022-жыл 2-февральдағы "Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары менен жас көркем өнер ғайраткерлерине қаратылған итибардың нәтийжесин бүгин анық көрип турмыз. Бундай жумыслар тараўда алдын болмаған еди. Жас көркем өнер шеберлери, мәденият хызметкерлери үйли-жайлы, қосымша жумыслы боламан, деген жақсы нийет пенен мийнет етпекте. Тараўдағы жумыслар, шығарылып атырған ҳуқықый ҳүжжетлер оларда ертеңги күнге исеним оятпақта.

Биз, жасы үлкен әўлад ўәкиллери болса, неше жыллық бай тәжирийбемизден келип шығып қәлиплестиретуғынымыз - "Шеберлик мектеби" арқалы көплеген үмитли жаслардың келешегинде әҳмийетли орын ийелейтуғынымызды сезиўимиз керек. Сахнаның тебериклигин, оны шын кеўилден сүйиў, көркем өнер ғайраткериниң өз мәдениятына ийе болыўы керек екенлигин жасларға сиңдириўден көп пайда көремиз. Себеби устаз көрмеген айырым жаслар көркем өнер әлеминде миллийлигимиз, қәдириятларымызға жат ис-ҳәрекетлер етип атырған жағдайлар да жоқ емес. Көркем өнер ғайраткериниң этикасына әмел етиў, өз үстимизде ислеў, излениўден тоқтамаў арқалы ғана оларға үлги бола аламыз. Соның ушын, сыйлықты алған күним үлкен сахнада турып ўәде бердим: көркем өнерди сүйиўши халқымызға бийтәкирар қосықлар усыныў жолында буннан былай да өз күш-ғайратымды аямайман. Несип етсе, ўатан, меҳир ҳәм садықлық, адамгершилик, гөззаллықты жырлайтуғын қосықлар жаратаман.

Ғуломжон ЁҚУБОВ,

Өзбекстан халық артисти,

"Буюк хизматлари учун" ордени ийеси