Жәҳән таэквондо федерациясы Президенти кубогында ўатанласларымыз 8 медаль топлады

    Қытайдың Таян қаласында таэквондо WТ бойынша Азия регионы ушын Пүткил жәҳән таэквондо федерациясы Президенти кубоги ушын шөлкемлестирилген турнир жуўмақланды.

    Атап өтилиўинше, жарыстың екинши күнинде Өзбекстан сайланды командасы 2 алтын ҳәм 1 бронза медалларын қолға киргизди.

    Алтын медаль:

    -54 кг: Жаҳонгир Худойбердиев.

    -67 кг: Озода Собиржонова;

    Бронза медаль:

    +73 кг: Светлана Осипова

    Солай етип, командамыз бул жарысты 4 алтын, 1 гүмис ҳәм 3 бронза, жәми 8 медаль менен жуўмақлады.