Қарарға бола, Бухара инженерлик-технология институты ҳәм Бухара тәбийий ресурсларды басқарыў институты негизинде Бухара мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи.

Инженерлик, өндирис, азық-аўқат технологиясы, жеңил санаат, нефть ҳәм газ, жасыл энергетика, архитектура ҳәм қурылыс, транспорт ҳәм логистика, агротехнология, мәлимлеме технологиялары ҳәм программаластырыў тараўлары бойынша, сондай-ақ, аймақтың жоқары маман кадрларға болған талабына муўапық жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў университеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Университетте нефть ҳәм газ инженерлиги тараўында алдынғы инженерлик мектеби жумысы жолға қойылады.

2025/2026-оқыў жылынан:

Университет студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткишин ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин халықаралық тәжирийбелер тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи;

Университет профессор-оқытыўшылары ҳәм докторантларын жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлерине илимий әмелиятқа ҳәм маманлық арттырыўға жибериледи;

Ири өндирислик кәрханалар ҳәм шөлкемлерди университетке санаат шериги сыпатында бириктириледи;

2026-жыл 1-январьдан университетке академиялық, шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық еркинлик бериледи.