баннер
23 Mar 2025
05:25

    Уллы Британия менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды

    Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Уллы Британияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тимоти Смарт пенен ушырасты.

    Сөйлесиўде тийкарғы итибар саўда-экономикалық ҳәм инвестициялар тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерине, 2025-жылға мөлшерленген илажлар кестесин муўапықластырыў мәселелерине қаратылды.

    Еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыўдың унамлы динамикасы атап өтилди. 2024-жылдың жуўмағы бойынша өз-ара товар алмасыўдың көлеми 352 миллион долларды қурады. Өзбекстанда аўыл хожалығы, азық-аўқат, таў-кән санааты, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм химия санааты, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында Британия инвестициясының қатнасыўында 260 кәрхана жумыс ислеп келмекте. 2024-жылы Уллы Британиядан 1 миллиард фунт стерлингтен аслам тиккелей инвестиция киргизилди.

    Уллы Британияға экспорт етилип атырған Өзбекстан өнимлериниң түрлерин кеңейтиў, еки мәмлекет арасындағы инвестициялық бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша бир қатар усыныслар конструктивлик руўхта көрип шығылды.

    Усы көзқарастан, «Developing Countries Trading Scheme» жеңилликлер системасының барлық абзаллықларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде исбилермен топарлар, пуқаралық жәмийети ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери арасында Өзбекстан өнимлериниң Уллы Британия базарына экспортын арттырыў имканиятлары ҳаққында хабардарлықты арттырыўға қаратылған биргеликтеги илажлар, семинарлар ҳәм әнжуманлар шөлкемлестириў бойынша илажлар келисип алынды.

    Уллы Британияның жетекши саўда тармақлары менен узақ мүддетли жеткерип бериў шәртнамаларын дүзген ҳалда, өз-ара саўданы раўажландырыў ушын британиялы инвесторларды республикада өним ислеп шығарыў ҳәм кейин ала экспорт етиў мақсетинде қоспа кәрханалар шөлкемлестириўге тартыў бойынша комплексли илажлардың нәтийжелилиги бойынша бирдей пикир билдирилди.

    Сондай-ақ, Британия тәрепи Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Уллы Британия ҳүкиметлераралық комиссиясы тәрепинен тийисли ҳүжжет қабыл етилген ҳалда саўданы раўажландырыўдың жаңа механизмлерин усыныс етти. Уллы Британия ҳүкиметиниң Экспорт-кредит агентлиги (UKEF) бир қатар қоспа жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларын қаржыландырыўға таяр екенлигин билдирди.

    Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер барлық додаланған бағдарлар бойынша бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиўге исенимли екенлигин тастыйықлады, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech